Алдыңғы фермерлер устаз сыпатында аз өним алып атырған фермерлерге бириктириледи

30

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллери менен сөйлесиўинде атап өтилди.   

“Мирзашөл” кластери шөл шараятында быйыл пахтадан 50-55 центнерден зүрәәт алды, оған бириктирилген 27 фермер болса зүрәәтлиликти 85 центнерге шекем алып шықты.

Бул тәжирийбени ғалаба ен жайдырыў ушын Мырзашөлде инновациялық аўыл хожалығы мектеби шөлкемлестирилмекте. Пүткил республикадағы 1 мың фермер бул мектепте шөл шараятында пахта жетистириў бойынша оқытылады. Бул мектепте оқып, сертификат алған фермерлерге рейтингте қосымша 10 балл бериледи.

Соның менен бирге, алдыңғы фермерлерди устаз сыпатында аз өним алып атырған фермерлерге бириктирип, еки тәрепке де пайдалы болатуғын система жаратылады.

Устаз фермерлер өз тәжирийбесин шәкирт фермерге үйретип, зүрәәтти 50 центнерден арттырыўға жәрдемлессе, 5 миллион сум сыйлық алады.

ӨзА