Мәўсимге таярлық дәрежесин үйрениў жумыслары даўам етпекте

55

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминов басшылығында шөлкемлестирилген арнаўлы жумысшы топар тәрепинен 2025-2026-жыллар қысқы мәўсимге таярлық дәрежесин үйрениў бойынша кең көлемли тексериўлер алып барылды. Онда Нөкис қаласындағы орайлық ыссылық тәмийнаты ҳәм диспетчерлик орайының турақлы ислеўге таярланғаны, қыс мәўсиминдеги авариялардың алды алынғаны, жүз берген жағдайларда болса олардың ақыбетлери жеделлик пенен сапластырылыўы ҳәм авариялық тиклеў топарларының ҳәрекетлениў нәтийжелилиги талланды.

Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы “Коммуналлық ыссылық орайы” ЖШЖның орайлық ыссылық тәмийнаты жумысы, турақ жай ҳәм имарат-объектлерди үзликсиз ыссылық энергиясы менен тәмийинлеў, көп квартиралы турақ жайлар, социаллық тараў ҳәм мәмлекетлик мәкемелерди орайлық ыссылық тәмийнаты менен қамтып алыў имканияты үйренилди. Нәўбетши-диспетчерлик хызметлери, авария-тиклеў бригадалары ҳәм резерв сақлаў қоймаханаларының жағдайы да айрықша үйренилди.

Сондай-ақ, Нөкис қалалық электр тәмийнаты кәрханасының нәўбетшилик-диспетчерлик хызмети ҳәм авариялық-тиклеў бригадаларының мәўсимге таярлығы, резерв қоймаханасындағы ресурслардың толық жәмленгенлиги ҳәм арнаўлы инженерлик техникалардың таярлық жағдайы тексерилип, айрықша жағдайлар, электр тармақларында жүз беретуғын авариялық жағдайлар, үзилислерди жеделлик пенен сапалы сапластырып барыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырма ҳәм көрсетпелер берилди.

Социаллық тараў объектлери, экономика тармақлары, энергетика инфраструктурасы ҳәм көп қабатлы турақ жайлар фондында турақлы ислеў ҳәм қәўипсиз ысытыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Жумысшы топар жуўапкер уйымлардың техникалық жақтан турақлылығы, арнаўлы техника ҳәм зәрүр материаллар резервин тексерди, системалар ҳәм қурылмалардың жағдайын баҳалады.

Жуўапкерлердиң атап өтиўинше, турақлы энергия тәмийнаты ҳәм ысытыў системаларының нәтийжели ислеўи халықтың турмысы ҳәм экономикалық искерлик ушын шешиўши әҳмийетке ийе. Сонлықтан, гүзги-қысқы мәўсимде ҳәр қандай айрықша жағдайларға тез ҳәм нәтийжели реакция қылыў, халыққа қәўипсиз хызмет көрсетиў мәселелери турақлы қадағалаўда болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги