Сенатта елимизде туристлерге жаратылып атырған шараятлар ҳәм ишки туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша семинар өткерилди

51

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети Өзбекстанда ишки туризмди раўажландырыўда әмелге асырылып атырған реформаларға бағышланған семинар шөлкемлестирди.

Илажда сенаторлар, Туризм комитетиниң басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң басшылары, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң туризм мәселелери бойынша орынбасарлары, жергиликли Кеңеслердиң турақлы комиссияларының баслықлары, аймақлық туризм бөлимлериниң басшылары, экспертлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Семинарда Бухара ўәлаяты мысалында туристлер ушын жаратылып атырған қолайлы шараятлар, туристлик инфраструктураны раўажландырыў, ишки туризм потенциалын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәр тәреплеме додаланды. Туристлик хызметлердиң сапасын жақсылаў, санлы шешимлерди енгизиў, жаңа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери бойынша да пикир алысты.

Сондай-ақ, ўәлаят аймағында ишки туризмди раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, район ҳәм мәҳәлле кесиминде зыярат туризми хызметлерин кеңейтиў, мәдений мийрас объектлерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм хызмет көрсетиў мәдениятын арттырыўға қаратылған басламалар бойынша презентация болып өтти.

Семинар даўамында елимизде туризм тараўында алып барылып атырған реформалар, хызметлерди санластырыў процесслери, мийманхана ҳәм транспорт логистикасы бағдарындағы жаңа жойбарлар, сондай-ақ, тараўдағы алдағы әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында мәлимлеме берилди.

Аймақлар кесиминде ишки туризмди жедел раўажландырыў, инфраструктураны жақсылаў, туристлик потенциалдан нәтийжели пайдаланыў, аймақлардың өз-ара бирге ислесиўин күшейтиў бойынша анық усыныслар ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынды.

Илаж жуўмағында ишки туризмди раўажландырыў, жергиликли туристлердиң ағымын арттырыў ҳәм тараўда шөлкемлестириўшилик-әмелий бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиў бойынша тийисли усыныслар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги