Жәҳән банки менен турақлы раўажланыў бағдарындағы бирге ислесиў кеңеймекте

28

Өзбекстанда турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, экономика тармақларын модернизациялаў ҳәм экологиялық турақлылықты сақлаў мәселелери кейинги жылларда мәмлекеттиң раўажланыў сиясатының тийкарғы бағдарларынан бирине айланды.

Бул процессте халықаралық финанс институтлары, соның ишинде, Жәҳән банки менен бирге ислесиў экономикалық реформаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм әҳмийетли тараўларда заманагөй қатнасларды енгизиўге хызмет етпекте.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров ҳәм Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азияда турақлы раўажланыў бойынша регионаллық директоры Самеҳ Ваҳба арасындағы ушырасыўда тәреплер бирге ислесиў перспективаларын көрип шықты.

Онда мәмлекетимиздеги макроэкономикалық тенденциялар, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў, әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм олардың нәтийжелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

Сөйлесиўде аўыл хожалығын раўажландырыўда бирге ислесиўди күшейтиў, заманагөй халықаралық тәжирийбелер тийкарында жойбарларды әмелге асырыў ҳәм инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў мәселелери додаланды. Атап өтилгениндей, суў ресурсларын нәтийжели басқарыў, ирригация тармақларын жетилистириў, каналларды модернизациялаў ҳәм суўғарылатуғын жерлерге турақлы суў жеткерип бериў системасын беккемлеў бағдарындағы басламалар әҳмийетли болып есапланады. Бул процессте атмосфера ҳаўасының патасланыўына қарсы турақлы система жаратыў, жасыл инфраструктураны раўажландырыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған бағдарлар әҳмийетли екени атап өтилди.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында тәреплер өз-ара байланысларды және де кеңейтиў, турақлы пикир алысыўды тәмийинлеў ҳәм белгиленген мақсетлерге ерисиўде системалы бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алды.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА