Мәмлекетлик гимн пүткил институт бойлап жаңлады

10-декабрь – Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни қабыл етилген күн
Бүгин Қарақалпақстан медицина институтында 10-декабрь – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни қабыл етилген күн мүнәсибети менен салтанатлы илаж шөлкемлестирилди. Илажда институт ректораты, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар мәмлекетлик гимнди биргеликте, көтериңки руўхта атқарды.
Илаж даўамында баянатшылар тәрепинен Мәмлекетлик гимнниң Ўатанымыз турмысындағы әҳмийети ҳәм тутқан орны ҳаққында айтып өтип, ол елимиз ғәрезсизлигиниң, көп миллетли халқымыз бирлиги ҳәм пидайылығының айқын тымсалы екенлиги айрықша атап өтилди. Өткерилип атырған бундай руўхый-ағартыўшылық илажлар студент-жаслардың қәлбинде Ўатанға муҳаббат, миллий қәдириятларға ҳүрмет ҳәм пуқаралық жуўапкершиликти және де беккемлеўге хызмет етеди.




Сондай-ақ, бул илаж институттың барлық кафедраларында да даўам еттирилип, сабақлар Гимнди биргеликте атқарыў менен басланды. Бул болса, студент-жасларға миллий мақтаныш ҳәм Ўатансүйиўшилик руўхын және де арттырыўға хызмет етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы