Мәмлекетлик гимн – Ўатан ҳаўазы! (+видео)

67

Бүгин миллий мақтанышымыз, ғәрезсизлигимиз тымсалы – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни қабыл етилгениниң 33 жыллығы белгиленбекте.

Гимнниң ҳәр бир сөзи пүткил Өзбекстан халқының әсирлик арзыў-нийетлерин, күш-ғайратын, халқымызға тән миймандослық, ата-бабалар естелигин ҳәм миллет мақтанышын жәмлеген.

Ҳәр күни теңсиз жер, жәннетмәкан үлкеде жасап атырғанымызды кеўлимизге сиңдирип туратуғын қәдирдан гимнимиз болса гимнликке талабан 80 ге шамалас қосықтың сәрдары сыпатында кеўиллеримизге сиңген. Ҳәр бири арнаўлы комиссия тәрепинен оғада пуқта, қатаң көрип шығылған дәслепки гимнлерден қырққа шамаласы сайлап алынып, олардың 27 си таңлаўдың I басқышында қатнасты.

II ҳәм III басқышлардан табыслы өткен 3 гимн тексти болса финал басқышына мүнәсип деп табылды. Булар – Мутал (Мутаваккил) Бурханов ҳәм Абдулла Арипов, Бахтияр Алиев пенен Абдулла Арипов, Рустам Абдуллаев ҳәм Мирполат Мирза биргелигиндеги гимнлер еди.

1992-жылы 10-декабрь күни Олий Кенгаштиӊ 400 ден аслам депутат жыйналған 11-сессиясында гүўлеген қол шаппатлаўлар ҳәм алғыслар менен Мутал Бурханов ҳәм Абдулла Арипов авторлығындағы ҳәзирги гимнимиз қабыл етилди. Өз жумысының шеберлери болған еки автордың үлкен дөретиўшилик потенциалы сәўлеленген гимнимиз басынан ақырына шекем кеўлимизди толқытатуғын сыйқырға ийе. Елимизге тән барлық уллылық, халқымызға тән барлық салтанат онда жәмленген.

Өзбекстан Қаҳарманы Абдулла Арипов “Умытылмас Мутал ағамыз” мақаласында халқымыздың бул уллы қосығы ҳаққында былай деп жазған еди: “Гимн – тири турмыс, жанлы турмыс. Ол ҳәр қыйлы пикирдеги ўатанласларымызды бир неше минут ишинде сөз ҳәм музыка күши менен бирлестире алатуғын уллы қүдирет болып есапланады”.

Барлық ўатанласларымызды усы сәне менен қутлықлаймыз, миллий гимнимиздиң қүдирети және де жоқарылап, дүнья бойлап жаңлай берсин!

Муҳайё Турдалиева, Улуғбек Тўхтаев (видео), ӨзА