Кегейлиде 65 шаңараққа жәрдем көрсетилди

Кегейли районы ҳәкими А.Камалов ҳәм район прокуроры И.Абдуллаевлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 25-ноябрьдеги “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыўда белсенди нураныйларды қамтып алыў илажлар ҳаққында “ғы 405-санлы қарары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен республикамыз бойлап өткерилип атырған «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде қайырқомлық илажы өткерилди.
Өткерилген қайырқомлық илажы шеңберинде «Нураный» қоры районлық бөлими ҳәм «Инсан» социаллық хызметлер орайлары менен биргеликте райондағы социаллық жәрдемге мүтәж қатламды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 65 шаңараққа жәрдемлер көрсетилди.
Атап айтқанда, район ҳәкими ҳәм аймақтағы жуўапкер басшылар тәрепинен социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлери ушын сабақлық дәптерлери, оқыў қураллары, кийим-кеншеклер ҳәм стол-стуллар тапсырылды.

Кегейли районында әмелге асырылған бул ҳәрекетлер халықты социаллық қорғаў, жас әўладтың билим алыўына қолайлы шараятлар жаратып бериўге қаратылған илажлардың әмелдеги көриниси болды десек болады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы