Аўыл хожалығын қаржыландырыў ҳәм аграр тараўды субсидиялаў режелери көрип шығылды

8

Президент Шавкат Мирзиёев пахташылық ҳәм ғәллешиликти қаржыландырыўды нәтийжели шөлкемлестириў және аграр тараўда субсидиялар ажыратыўдың жаңа системасы бойынша презентация менен танысты.

Презентацияда усы жылы тараўға бағдарланған қаржы ресурслары ҳәм олардың нәтийжелери ҳаққында мәлимлеме берилди.

Атап өтилгениндей, пахташылық ҳәм ғәллешиликти қаржыландырыў, аўыл хожалығы техникалары менен тәмийинлеў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўге жәми 29 триллион сум ажыратылды. Тараўға 2,35 триллион сум субсидиялар қаратылды.

Өз қаржысынан пахта жетистирген хожалықларға пахта баҳасының 10 проценти муғдарында субсидия ажыратылыўы нәтийжесинде 3 430 фермер ҳәм кластерлер 151 мың гектар майданда өз қаржысы есабынан пахта жетистирди ҳәм 1,9 триллион сум ресурс үнемленди.

Ямаса, пахта жетистириўге алынған кредитти усы жылдың ақырына шекем толық қайтарған фермерлерге процент төлеминиң 4 процентлик пунктин қайтарып бериў имканияты себепли 9 002 фермер 2,5 триллион сум жеңиллетилген кредитлерди мүддетинен алдын қайтарды.

Келеси жылы пахта ҳәм ғәлле өними, субсидия ҳәм басқа да қәрежетлерге жәми 34,2 триллион сум ажыратыў режелестирилгени, қосымша 200 миллион доллар қаржы тартылып, 800 пахта териў машинасы сатып алыныўы мәлим етилди. Бул бағдарда енгизилиўи усыныс етилип атырған жаңа қоллап-қуўатлаў механизмлери көрип шығылды.

Соның ишинде, 2026-жылы агротехникалық илажлар, соның ишинде, плёнка ҳәм ийилиўшең қубырлар ушын қосымша 5 триллион сум ажыратыў усыныс етилди. Зүрәәт жетистириўде кредит лимитиниң 50 процентине шекем пайдаланылғанда, сатылған пахта баҳасының 5 проценти муғдарында субсидия ажыратылса, өз қаржысы ҳәм айырым кредит есабынан зүрәәт жетистиретуғын фермерлердиң саны 4-4,5 мыңға жететуғыны ҳәм олардың 2,5-3 триллион сум қаржысы үнемленетуғыны атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта фермерлерге кредит ажыратыўда финанслық турақлы хожалықларға да, төлем тәртибине әмел етпейтуғынларына да бирдей процент ставкасы қолланылмақта. Усы мүнәсибет пенен, фермерлер арасында “интизамлы болыў – арзан кредит” моделин қәлиплестириў ушын “А” кредит рейтингине ийе хожалықларға 2 процентке, “B” категориядағыларға 1 процентке төменлетилген ставкада кредит ажыратыў ҳәм сол арқалы интизамлы фермерлердиң кредит жүгин азайтыў усыныс етилди.

Сондай-ақ, өз қаржысы есабынан бийдай жетистирген фермерлерге 10 процент субсидия ажыратыў басламасы билдирилди.

Өзбекстан Президентиниң усы жыл 22-ноябрьдеги “Аграр тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманына муўапық аграр тараўда мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин жетилистириў мақсетинде Аўыл хожалығы министрлиги жанында Аграр тараўда төлемлер агентлиги шөлкемлестирилди.

Презентацияда агентликке жүкленген ўазыйпалардың орынланыўы қалай шөлкемлестирилетуғыны көрип шығылды.

Ҳәзирги ўақытта аўыл хожалығында 52 түрдеги субсидия ажыратылмақта. Жаңа системада бул процесс түп-тийкарынан әпиўайыластырылып, инсан факторы түп-тийкарынан қысқартылып, бюрократия азайтылады, арзаларды көрип шығыў толық санластырылады ҳәм барлық процесслер “Агропортал” арқалы әмелге асырылады.

Буның ушын, “Агросубсидия” мәлимлеме системасына 10 нан аслам министрлик ҳәм уйымлардың мәлимлеме системалары интеграцияланады.

Соның ишинде, 2026-жыл ушын мөлшерленген 1,3 триллион сумлық субсидияларды талапкерлердиң қатнасыўы зәрүр болмаған ҳалда мәмлекетлик уйымлар тәрепинен проактив түрде, қалған субсидиялар айырым келисиў, жуўмақ алыў ҳәм ҳүжжетлерди рәсмийлестириў басқышларын шығарып таслаған ҳалда әпиўайыластырылған тәртипте, артықша әўерегершиликсиз бериледи. Нәтийжеде субсидия ажыратыў мүддетлери кескин қысқарады.

Мәмлекетимиз басшысы қаржыландырыў механизмлерин буннан былай да жетилистириў, субсидиялардың мәнзиллилиги ҳәм жеделлигин тәмийинлеў, барлық процесслерди санластырыў ҳәм фермерлер ушын қолайлы шараят жаратыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.

ӨзА