Келеси ҳәптеде Япония – Орайлық Азия саммити өткерилиўи режелестирилмекте

Усы жылдың 19-20-декабрь күнлери Токио қаласында Япония ҳәм Орайлық Азияның бес мәмлекети басшыларының қатнасыўында «C5+1» форматындағы саммит өткерилиўи режелестирилмекте.
Nippon басылымының хабарына бола, Япония бас министри Санаэ Такаитидиң регион мәмлекетлери басшылары менен еки тәреплеме ушырасыўларын өткериў имканияты да көрип шығылмақта.
“Соңғы алты ай ишинде Россия, Қытай, АҚШ ҳәм басқа да мәмлекетлер Орайлық Азия мәмлекетлери менен саммитлер өткерди. Дипломатиялық көзқарастан Япония да бундай саммитти табыслы өткериўи жүдә әҳмийетли,” – деген Японияның ҳәкимияттағы Либерал-демократиялық партиясының вице-президенти Таро Асо.
Мағлыўмат орнында: Японияның сол ўақыттағы бас министри Фумио Кишида 2024-жылдың 9-12-август күнлери Қазақстан, Өзбекстан ҳәм Монголияға режелестирилген сапары ҳәм “Орайлық Азия + Япония” саммитин Күншығыс үлкесинде жүз бериўи айтылып атырған күшли жер силкиниўи себепли бийкар еткен еди.
2024-жылдың 9-август күни Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Япония бас министри Фумио Кишида арасындағы телефон арқалы сөйлесиўде жоқары дәрежедеги ушырасыўды шөлкемлестириўдиң жаңа мүддетин дипломатиялық каналлар арқалы келисиўге келисип алынған еди.
Бурын хабар бергенимиздей, усы жылдың август айында Япония сыртқы ислер министриниң баспасөз хаткери Китамура Тосикиро “Орайлық Азия + Япония” қарым-қатнасының биринши саммитин имканы болғанынша тез мүддетте өткериў бойынша сөйлесиўлер алып барылып атырғанын мәлим еткен еди.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев 27-август күни Ташкентте Япония сыртқы ислер министри Такэси Ивая басшылығындағы делегацияны қабыл еткен еди. Бул ушырасыўда да сиясий сөйлесиўди тереңлестириў, саўда-экономикалық, инвестициялық, финанслық-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўге байланыслы анық жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылған. Сондай-ақ, “Орайлық Азия + Япония” форматындағы болажақ саммит бойынша да пикир алысылған еди.
Бул қарым-қатнас форматы шөлкемлестирилгенине 21 жыл болды. Япония бурынғы сыртқы ислер министри Йорико Кавагучтың 2004-жыл 26-августта Ташкентке сапары ўақтында шөлкемлестирилген бул сийрек ушырасатуғын формат Күншығыс үлкеси ҳәм Орайлық Азияның бес мәмлекети (Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан) арасындағы байланысларды раўажландырыўда нәтийжели платформаға айланды.
Ҳәзирги ўақытқа шекем “Орайлық Азия + Япония” қарым-қатнасының сыртқы ислер министрлери дәрежесинде тоғыз ушырасыўы өткерилген.
Япония сыртқы ислер министри Такэси Иваяға бола, рәсмий Токио “Орайлық Азия + Япония” сөйлесиўи шеңберинде регион менен қатнасықларды буннан былай да беккемлеў ҳәм биргеликте нызам үстинлигине тийкарланған еркин ҳәм ашық халықаралық тәртипти исенимли қоллап-қуўатлаў нийетинде, -деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги