Аўыл хожалығы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараўдың раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан ўатанласларымыздан бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

76

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Елимиздиң аўыл хожалығы системасындағы көп жыллық пидәкерлик мийнети, тараўдың раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў, интенсив агротехникалық усылларды қолланыў арқалы жоқары зүрәәтлиликке ерисиў, ел-халық абаданлығын арттырыўға қосқан мүнәсип үлеси, алдынғы инновациялық технологиялар ҳәм заманагөй илим жетискенликлерин әмелиятқа кеңнен енгизиў, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, өнимлерди сапалы қайта ислеў, елимиздиң экспорт потенциалын арттырыў жолындағы нәтийжели жумысы, маман қәнигелерди таярлаў бағдарындағы үлкен хызметлери және жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

“Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен пиллекеш” ҳүрметли атағы менен

Юсупова Гулбахар Эркиновна – Беруний районындағы «KKR Ipak Cluster»  жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң пиллекеши

“Меҳнат шуҳрати” ордени менен

Сейфуллаев Бахтияр Кемалович – Тахтакөпир районы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемесиниң жетекши инженер-гидротехниги

“Дўстлик” ордени менен

Абыллаев Оразбай – Дән ҳәм салы илимий-өндирислик бирлеспеси лаборатория баслығы,

Зайтов Зияуатдин Имаматдинович – Нөкис районы ҳәкими,

“Жасорат” медалы менен

Отепбергенов Сарсенбай Ниетбаевич – Қанлыкөл районындағы жеке меншик қыйтақ жер ийеси

“Шуҳрат” медалы менен

Аширова Тажигул Алланазаровна – Елликқала районындағы “Амиробод Мардони” көп тармақлы фермер хожалығының баслығы,

Исмаилов Мақсуд Қошназарович – Төрткүл районындағы “Қўшназар пахтакор” фермер хожалығының баслығы,

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев.