Азмиддин Садриддинович Садриддинов

69

Машина қурылысы тараўындағы белгили илимпаз, Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң профессоры, Өзбекстанға хызмет көрсеткен аўыл хожалығы механизаторы Азмиддин Садриддинович Садриддинов быйыл 4-декабрь күни 89 жасында қайтыс болды.

А.Садриддинов 1936-жылы 26-июньде Ташкент қаласында зиялы шаңарағында туўылды. Орта мектепти тамамлағаннан соң Ташкент жеңил санаат институтында инженер-механик қәнигелиги бойынша билим алды. Мийнет жолын Орта Азия политехника институты (ҳәзирги Ташкент мәмлекетлик техника университети) нда аға лаборант лаўазымында баслады. Усы оқыў орнының аспирантурасында билим алып, дәслеп кандидатлық, кейин ала докторлық диссертациясын қорғады.

Талантлы илимпаз Ташкент мәмлекетлик техника университетинде аға оқытыўшы, доцент, Механика, Трактор ҳәм аўыл хожалығы машина қурылысы факультетлериниң деканы, биринши проректор, профессор, Министрлер Кабинети жанындағы Аўыл хожалығы илимий-өндирислик орайының Ташкент ўәлаяты бөлиминиң баслығы сыяқлы лаўазымларда нәтийжели хызмет етип, елимизде жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаў, аграр тараўды заман талаплары тийкарында механизациялаўға байланыслы илимий исленбе ҳәм қолланбалар таярлаў, оларды әмелиятқа енгизиў процесслерине мүнәсип үлес қосты.

Мийнеткеш илимпаз ҳәм педагог 65 жылдан аслам ўақыт даўамында көп тәреплемели жумысы даўамында пахта териў машиналарын жетилистириў бойынша нәтийжели изертлеўлер алып барды, бул бағдарда көплеген мақалалар, брошюра ҳәм монографиялар, әмелий исленбе ҳәм методикалық қолланбалар жаратты. Әсиресе, аграр тармақтың раўажланыўы ушын үлкен әҳмийетке ийе болған 40 тан аслам илимий жойбарлар, мәмлекетлик грантлар ҳәм хожалық шәртнамалары тийкарындағы илимий-изертлеў жумысларына басшылық еткени, пахта териў машиналарын жетилистириў бойынша лаборатория базасына тийкар салғаны елимиздиң аўыл хожалығында техникалық ҳәм технологиялық реформаларды әмелге асырыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.

Устаз илимпаз тәжирийбели педагог сыпатында көплеген шәкиртлер таярлады, оның басшылығында онлаған кандидатлық ҳәм 5 докторлық илимий жумысы қорғалды.

А.Садриддиновтың елимиздиң аўыл хожалығы машина қурылысын раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол “Өзбекстанға хызмет көрсеткен аўыл хожалығы механизаторы” ҳүрметли атағы, “Дўстлик” ҳәм “Меҳнат шуҳрати” орденлери менен сыйлықланды.

Белгили илимпаз ҳәм педагог, жаслардың меҳрийбан устазы, ҳақ кеўил ҳәм кишипейил инсан Азмиддин Садриддиновтың естелиги қәлбимизде ҳәмийше сақланып қалады.

 

 

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,

А.Арипов