Өзбекстан Президенти Қырғызстан Президентин туўылған күни менен қутлықлады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-декабрь күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровты туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм туўысқан Қырғызстан халқына турақлы раўажланыў тиледи.
Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы стратегиялық шериклик, дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әмелий тәреплери додаланды.
Кейинги жылларда еки тәреплеме бирге ислесиўде ерисилген жетискенликлер айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Барлық дәрежедеги байланыслар даўам етпекте. Товар алмасыў ҳәм жүк тасыў көлеми турақлы өсип бармақта. Экономиканың тийкарғы тармақларында биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта. Жедел мәдений-гуманитарлық ҳәм аймақлараралық алмасыўлар алып барылмақта.
Ири стратегиялық жойбарлар, соның ишинде, “Өзбекстан – Қырғызстан – Қытай” темир жолы ҳәм Қамбарата ГЭС-1 қурылысы шеңбериндеги жумыслар даўам етпекте.
Жетекшилер регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелерди де көрип шықты.
ӨзА