Жаслардың ҳуқықый билимин арттырыўға қаратылған илаж

73

Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты арттырыў, әсиресе, жасларға Конституциялық қәдириятларды үгит-нәсиятлаў бағдарында бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта. Усы мақсетте, Ишки ислер министрлиги жанындағы Нөкис “Темурбеклер мектеби” әскерий-академиялық лицейиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң отыз үш жыллығы мүнәсибети менен илаж болып өтти.

Илажда Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясы басшысы Халилла Ешимбетов, Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы Нагима Балтабаева, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң мәсләҳәтшиси Орынбай Турдақов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң биринши орынбасары Сейдахмет Асанов, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламентиниң ағзасы Ханна Утемуратовалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады ҳәм баянатлар жасады.

Атап өтилгениндей, Конституция мәмлекеттиң сиясий-ҳуқықый раўажланыўында айрықша орын ийелеп, мәмлекет ҳәм пуқаралар арасындағы жуўапкершиликли қатнасықлардың беккем нормативлик тийкарын белгилеп береди. Бас нызам мәмлекеттиң ҳуқықый көринисин белгилеп бериўши тийкарғы нормативлик ҳүжжет сыпатында улыўмахалықлық аўызбиршилик, инсаныйлық принциплери ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди.

Мәмлекетимизде Конституцияның жаңа редакциясын турмысқа енгизиў процесинде жаслардың белсене қатнасыўы үлкен әҳмийетке ийе. Жаслар ҳуқықый билимге ийе болса, олар жәмийетлик-сиясий процесслерде белсенди, жуўапкершиликли ҳәм интакер болып қәлиплеседи.

Илаж жаслардың ҳуқықый билимлерин және де беккемлеў, пуқаралық жуўапкершилигин арттырыў ҳәм Конституцияда нәзерде тутылған ҳуқық ҳәм имканиятлардан толық пайдаланыў мәдениятын қәлиплестириўге хызмет етти.

Сондай-ақ, өткерилген илажда жаслардың ҳуқықый билимлерин және де тереңлестириў мақсетинде, Конституцияда белгиленген нормалар бойынша шөлкемлестирилген сораў-жуўапта оқыўшы-жаслар белсене қатнасты.

Илаж соңында тийкарғы пән олимпиадасында жеңимпаз болған лицей оқыўшылары ҳәм олардың устазларына алғыснамалар ҳәм естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги