Адамгершиликтиң жоқары үлгиси

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған инсаныйлық сиясатының әмелий тастыйығы сыпатында “Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында”ғы Пәрманға қол қойды.
Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 109-статьясы 23-бәнтине тийкарланып жаза мүддетин өтеп атырған және қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем өткен 615 шахс әпиў етилди.
Әпиў етилген шахслардың 220 сы тийкарғы жазадан толық азат етилди, 123 си жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилди, 97 синиң еркинен айырыў жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 175 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.
Әпиў етилгенлердиң 9 ын сырт ел пуқаралары, 29 ын ҳаял-қызлар, 23 ин 60 жастан асқан ер адамлар, 264 ин жаслар (соннан, 2 еўи жас өспирим) және 9 ын қадаған етилген шөлкемлердиң жумысында қатнасқан шахслар қурайды.
Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген шахсларды шаңарағы ҳәм жақынларының қушағына қайтарыў, социаллық турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.
ӨзА