Сырт ел баспасөзи Өзбекстан ҳаққында

Бирлескен Араб Әмирликлериниң бир қатар басылымлары, соның ишинде, “Albayan”, “Aletihad”, “Sharjah24” ҳәм “WAM” мәлимлеме агентлиги Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жақында БАӘ энергетика ҳәм инфраструктуралар министри Суҳайл ал-Мазруий басшылығындағы делегацияны қабыл еткенин жарытты.
Мақалада ушырасыў даўамында тәреплер қайта тикленетуғын энергия, транспорт ҳәм логистика тараўларында еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў, сондай-ақ, перспективалы инвестициялық имканиятларды көрип шығыў ҳәм еки мәмлекет арасындағы экономикалық шерикликти қоллап-қуўатлаў мәселелерин додалағаны атап өтилген.
Ушырасыўда БАӘниң “Masdar” компаниясының басшысы Муҳаммад Жамил ал-Рамаҳий, “Etihad Water & Electricity” компаниясының басшысы Юсуф ал-Али ҳәм “TAQA Water Solutions” компаниясының басшысы Аҳмад ал-Шамсий де қатнасты.
Араб басылымларының атап өтиўинше, Өзбекстан – БАӘ қатнасықлары кейинги жылларда избе-из раўажланып, саўда, инвестиция ҳәм технологиялар алмасыўы тараўларында жаңа имканиятлар ашпақта. Делегацияның бул сапары болса бирге ислесиўди және де беккемлеўге хызмет етеди.
М.Пирматова, ӨзА