Жоқары оқыў орынларында қысқы дем алыс 28-декабрьден басланады

65

Жоқары билимлендириў мәкемелеринде Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң тийисли буйрығына муўапық, жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлери (мәмлекетлик, мәмлекетлик емес ҳәм сырт ел) ҳәм академиялық лицейлер студентлери және оқыўшыларының быйылғы оқыў жылы ушын қысқы дем алыс мүддети белгиленди.

Оған бола, қысқы дем алыс 2025-жыл 28-декабрьден басланып, 2026-жыл 10-январьға шекем даўам етеди.

Студент ҳәм оқыўшылардың қысқы дем алыс дәўиринде турақлы жасаў аймақларына (Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласына) барып-келиўин қолайластырыў мақсетинде Транспорт министрлиги, “Өзбекстан темир жоллары” АЖ ҳәм “Узбекистан Airways” АЖ менен биргеликте қосымша имканиятлар жаратылады.

Соған муўапық, 2025-жыл 18-декабрьден 2026-жыл 12-январьға шекем (сол күни де) студентлер ҳәм оқыўшылар ушын 50 процент шегирме тийкарында жол билетлери сатылыўы жолға қойылады.

Ҳамроз Баянов,

 ӨзАның хабаршысы