Мойнақ кәнинен газ тармаққа жеткерип берилмекте
Хош хабар

Мойнақ кәни 2-санлы излеў бурғылаў қудығынан бурғылаў жумысларынан кейин санаат көлеминде тәбийғый газ ағысы алынды.
Бул қудық Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районы Үшсай көли аймағында жайласқан. Қудықты бурғылаў жумыслары “Өзбекнефтьгаз” АЖ тәрепинен орынланды. Қудықта излеў бурғылаў жумыслары усы жылдың 31-август сәнесинде басланып, 24-ноябрьде жуўмақланды.
Ал, 1-декабрь күни болса, бул қудықта өнимдарлыққа сынаў жумыслары нәтийжесинде қудықтан санаат көлеминде тәбийғый газ ағымы алынды. Нефть ҳәм газ кәнлерин пайдаланыў қағыйдасына тийкарланып бурғылаў жумысларынан кейин қудықтан тәбийий газ ағымы алынса, қудықты тазалаў ушын ашық ҳаўада жағып қойылады, кейин қудық бурғылаў еритпеси жәрдеминде сөндириледи ҳәм қудықтан бурғылаў минарасы демонтажланып, оның үстиңги бөлими арнаўлы трубалар менен үскенеленеди ҳәм иске түсириледи.
Солай етип, 7-декабрь сәнесинде Мойнақ 2-санлы қудығынан тәбийғый газ ағысы алынғаннан кейин қудық гази қудықты тазалаў мақсетинде ашық ҳаўаға жағылды ҳәм қудықтан бурғылаў минарасы демонтажланып, оның үстиңги бөлими зәрүрли үскенелер менен үскенеленип қудық иске түсирилди. Қудықтан қазып алынып атырған тәбийғый газ ҳәзирги ўақытта “Өзтрансгаз” АЖ қубыры системасына жеткерип берилмекте. Қудықты бурғылаў ҳәм сынаў жумысларын орынлаў процесинде ҳеш қандай авария ямаса насазлық жағдайы бақланбады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги