Тахтакөпирли үш жас турақ жай менен тәмийинленди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-августтағы ПҚ-5216-санлы қарары тийкарында елимизде социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған жасларды қоллап-қуўатлаў, оларды еркин турмысқа таярлаў, мүнәсип шараятлар менен тәмийинлеў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Елимиздеги ең уллы ҳәм әзиз байрамлардың бири болған 8-декабрь- Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен Тахтакөпир районында, Президентимиздиң жоқарыда аты аталған қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, аймақта жасаўшы үш жасқа барлық қолайлықларға ийе еки ханалы турақ жайлар тапсырылды.

Илажда район ҳәкими Жамбул Адилов елимизде ҳүрметли Президентимиз басшылығында жасларға, соның ишинде, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж, ата-ана қарамағынан айырылған жасларға жаратылып атырған имканиятлар ҳәм исленип атырған унамлы жумыслар ҳаққында кең түрде айтып өтип, бүгинги күни әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер буның айқын дәлийли екенлигине тоқталды ҳәм жаңа турақ жай ийелерин қуўанышлы сәне менен қызғын қутлықлады. Буннан соң район ҳәкими жуўапкер шөлкемлердиң басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында жасларға жаңа турақ жайдың гилтлерин салтанатлы түрде тапсырып, ондағы жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги