Университетте жасалма интеллект жәрдеминде газета жаратылды

94

Тек ғана университет емес, ал Қарақалпақстан Республикасында биринши мәрте жасалма интеллект жәрдеминде газета исленди.

Онлайн тәриздеги бул басылым тәжирийбе сыпатында жаратылды.  Бул жойбар масс-медиа тараўында санлы технологияларды қолланыў бағдарындағы әҳмийетли қәдем есапланады.

Онлайн газетаның барлық текстлери, дизайны ҳәм айырым визуал материаллары жасалма интеллект бағдарламалары арқалы ислеп шығылған.

– Бул киши жойбардың тийкарғы мақсети – мәлимлеме жеткериўдиң жаңа усылларын сынақтан өткериў ҳәм жергиликли медиа мәканды заманагөй технологиялар менен еле де байытыў болып есапланады, – дейди Журналистика кафедрасының доценти, филология илимлери докторы (DSc) Қумар Бегниязова. – Онлайн жасалма интеллект арқалы жаратылған газетаны мен кафедраның стажёр-оқытыўшысы, 2-курс магистранты Бийбисара Жартыбаева менен бирге таярладым. Газетада интерактив видеолар, графикалар, мультимедиалық контентлер ҳәм басқа да қызықлы материаллар берилип барылады.

Мағлыўмат ушын, бул Президентимиздиң тараўларда жасалма интеллекттен пайдаланыў бойынша берген тапсырмалары негизинде жаратылған жойбар – газета. Ол тек илимий-әмелий тәжирийбе сынаў болып, жақын келешекте басқа тематикалық бағдардағы реал басламаға айланыўы да режелестирилмекте. Газетаның толық онлайн версиясын мына силтеме арқалы оқысаңыз болады (https://www.dropbox.com/t/2PYfOMMiIyPVuTtD).

.

Қарақалпақстан хабар агентлиги