Балаларға байрам саўғасы: жаңа бақша жумыс баслады

Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 33 жыллығы республикамыздың барлық орынларында, усы қатарда Әмиўдәрья районы турмысында да раўажланыў ҳәм жаңаланыў руўхы менен белгиленбекте.
Байрам алдынан бир қатар социаллық объектлердиң пайдаланыўға тапсырылыўы халқымыз ийгилиги жолында әмелге асырылып атырған реформалардың әмелий нәтийжеси болып есапланады.
Конституция байрамы қарсаңында Әмиўдәрья районында жаңа бақша имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Райондағы «Дослық» мәҳәллесинде Президентимиздиң арнаўлы қарары менен 8,6 млрд. сумлық қаржы тийкарында жаңадан қурылған 58-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды.
Бул 240 орынға мөлшерленип заманагөй типте қурылған имаратта барлық қолайлы шараятлар жаратылғанлығын атап өтиў орынлы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги