Жоқарғы Кеңес Баслығының кубоги болып өтти

19

Бүгинги күни жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге, оларды физикалық жақтан шыныққан кәмил инсан етип тәрбиялаўға, дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде (Манеж)  ҳуқық-қорғаў уйымлары хызметкерлери ҳәмде Қол урысы федерациясынан өзинде 100 ден аслам спортшыларды қамтыған Қол урысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубоги беллесиўлери болып өтти.

Өткерилген финал беллесиўлери ашылыўына арналған илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиз Ш. Мирзиёев басшылығында спорт тараўын раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм қоллап-қуўатлаўды айрықша атап өтип, республикамыз жасларының дүнья ареналарында қолға киргизип атырған табысларын үлкен мақтаныш тилге алды ҳәм жарыс қатнасыўшыларына табыслар тиледи.

Қызғын бәсекиге бай түрде өткерилген жарыста спортшылар өзлериниң шеберлигин ҳәм күшли таярлықлар менен келгенлигин көрсете алды.

Кескин беллесиўлер менен өткен жарыс жуўмағында, өз салмақ категориясы бойынша жеңимпазлар анықланып, олар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубоги, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги