Конституция – бахытлы ҳәм абадан келешегимиз тийкары

27

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 8-декабрь -Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 33 жыллық сәнесине арналған байрам салтанаты болып өтти.

Салтанатлы илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен қызғын қутлықлады. Атап өтилгениндей, быйылғы байрам барлық орынларында көтериңки руўхта кең түрде белгиленбекте.

Баслы Нызамымыз тийкарында халқымыз елимиздиң раўажланыўы жолында хызмет етиў менен бирге, бахытлы ҳәм абадан келешекке беккем исеним менен қәдем қоймақта. Конституциямыз жаратып берген имканиятлар тийкарында халқымыз ертеңги абадан турмыс жолында бир қатар табысларға, экономикамыздың барлық тараўларында унамлы нәтийжелерге ериспекте.

Өткерилген байрам салтанатында мине усындай әмелге асырылып атырған ийгиликли жумыслар кең түрде атап өтилди.

Буннан соң илажда халқымызға өрнек болып атырған «Ең үлгили кѳше бийлери» таңлаўы жеңимпазлары мүнәсип түрде хошаматленип, олардың ҳәр бири 20 миллион сумлық ваучер менен сыйлықланды.

Байрам илажы көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги