Қарақалпақстанда ири энергетика қуўатлықлары иске түсирилди ҳәм гезектегилериниң қурылысы басланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында жаңа энергетика қуўатлықларын ҳәм инфраструктура объектлерин иске қосыў және гезектегилериниң қурылысын баслаўға бағышланған салтанатлы мәресим өткерилди.

Онда Қараөзек районынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Қоңырат районынан Минисрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери видеобайланыс арқалы қатнасты.

Жаңадан тапсырылып атырған бул ири объектлер – дерлик 11 миллиард долларлық 42 энергия ислеп шығарыў, сақлаў қуўатлықлары ҳәм басқа да инфраструктура объектлери – мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған миллий энергетика тармағының потенциалын беккемлеўге қаратылған кең көлемли стратегияның бир бөлеги болып есапланады.
Атап өтиў орынлы, бүгин иске түсирилген объектлер қатарында Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясы тәрепинен елимизде әмелге асырылып атырған «Самал электр станциясын шөлкемлестириў» жойбарының Қараөзек районы Қойбақ аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Нөкис-1» жойбары иске қосылды.

Улыўма баҳасы 107 млн.доллар, қуўатлылығы 100 Мегаватт болған жойбар шеңберинде, ҳәр бириниң қуўатлылығы 6,5 Мегаватт болған 16 самал турбина генераторлары қурылып, буның нәтийжесинде ҳәр жылы 350 млн. киловат/саат электр энергиясы ислеп шығарылыўына имканият жаратылды ҳәм орташа 100 млн. куб тәбиий газ жумсалыўы тежелиўине, ҳаўаға 180 мың тонна карбонат андигрид газы шығындыларының тарқалыўы кемейтилиўине ерисилди.

Соны айрықша айтыў керек, «ACWA Power» компаниясы тәрепинен Қарақалпақстанда улыўма баҳасы дерлик 8,6 млрд. доллар болған инвестиция қаржылары есабынан жаңа жойбарлар әмелге асырылыўы белгиленген.
Сондай-ақ, усы күни Қоңырат районы студиясынан улыўма баҳасы 99,5 млн. доллар болған 2 жойбар иске түсирилди.
Атап айтқанда, «Өзбекнефтьгаз» АЖ қаржылары есабынан жойбар баҳасы 55,2 млн. доллар болған «Нефть ҳәм газ қазып шығарыў ҳәм қудықларды бурғылаў процеслерин санластырыў Э-кән жойбары», сондай-ақ, Бухара, Қашқадәрья ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасында «Өзбекнефтьгаз» АЖ қаржылары есабынан жойбар баҳасы 44,3 млн. доллар болған «Аккумляторлы энергияны сақлаў системасы»н орнатыў жойбары иске түсирилди.

Буннан тысқары, «Өзбекнефтьгаз» АЖ қаржылары есабынан улыўма баҳасы 100 млн. доллар болған 2 жойбардың яғный, «Үстирт аймағындағы Тереңқудық, Байтерек, Бирқары, Харай, Қулбай ҳәм Қарақалпақ блокларында геология излеў жумысларын әмелге асырыў» жойбары ҳәм «Мойнақ майданы 2-санлы излеў қудығын ҳәм жаңадан қурылатуғын 10 км газ тармағын иске түсириў» жойбарларының қурылыс жумысларына старт берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги