Заманагөй студентлер турақ жайы пайдаланыўға тапсырылды

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 33 жыллық байрамы кең түрде байрамланып атырған усы күнлери республикамыздың аймақларында халқымыздың абадан турмыста жасаўына хызмет ететуғын көплеген жаңа социаллық объектлер пайдаланыўға тапсырылып, бул кең жәмийетшилигимизди шексиз қуўанышқа бөлемекте.

Усындай үлкен жаңалық Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети турмысында жүз берди. Атап айтқанда, бул оқыў дәргайында жаңадан қурылған 400 орынлық студентлер турақ жайы толық питкерилип, ол жасларымыз ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.

Жаңадан бой тиклеген студентлердиң заманагөй турақ жайының салтанатлы ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде жасларға қаратылып атырған айрықша итибар мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланғаны ҳаққында кең түрде атап өтти ҳәм жаңа объект пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады. Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында елимизде билимлендириў тараўына, соның ишинде жасларды жоқары оқыў орынларына қамтып алыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Мине усындай ийгиликли жумыслар қатарында жоқары оқыў орынлары саны артып, ҳәр жылы қарақалпақстанлы жасларға қосымша квоталар ажыратып берилмекте. Бул өз нәўбетинде, жасларымыз арасынан озық ойлы, елимиз раўажланыўына өзиниң мүнәсип үлесин қосатуғын жаслардың жетилисип шығыўына беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Улыўма 30,5 млрд. сум қаржы менен мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында қурылған жаңа, барлық қолайлықларға ийе 400 орынға мөлшерленген студентлер турақ жайының пайдаланыўға тапсырылыўы мине усы бағдардағы илажлардың әмелий көриниси есапланады.

Салтанатлы илаж даўамында имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары жаңа турақ жайда студент жаслар ушын жаратылған қолайлы шараятлар менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги