Конституция күни алдынан ушырасыў өткерилди

76

Нөкисте Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басламасы менен тийкарғы нызамымыз қабыл етилгениниң 33 жыллығы байрамына бағышланған “Конституция – бахтымыз нызамы” атамасында илаж шөлкемлестирилди.

Илажда басқарма хызметкерлери, районлар аралық бөлим мәмлекетлик атқарыўшылары ҳәм басқалар қатнасты.

Ушырасыўда шығып сөйлегенлер мәмлекетимиздиң бас нызамы, бәринен бурын, халқымыздың сиясий-ҳуқықый ой-пикириниң жоқары үлгиси екени айрықша атап өтилди. Ҳақыйқатында да, буннан 33 жыл бурын қабыл етилген Бас нызамымызда елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет, күшли пуқаралық жәмийет, еркин базар қатнасықлары ҳәм жеке меншиктиң үстинлигине тийкарланған экономиканы қурыў, халқымыз ушын тыныш, абат ҳәм абадан турмыс қурыў менен бирге халықаралық майданда мүнәсип орын ийелеўинде беккем тийкар болып хызмет етпекте.

– Конституция күнине бағышланған илаждың нызамлардың орынланыўы менен тиккелей шуғылланатуғын ҳуқық қорғаў уйымларынан бири – Мәжбүрий орынлаў бюросында шөлкемлестирилгени мақсетке муўапық, -дейди Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультетиниң оқытыўшысы Султанбек Заитов. – Себеби, бул бағдарда тараў қәнигелери менен өз-ара сөйлесиўлеримиз студентлеримизди жетик кадрлар сыпатында қәлиплесиўине де хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги