Оқыўшылар Япония мәденияты ҳәм салт-дәстүрлери менен танысты

9

Шымбай районындағы 38-санлы мектеп директоры Гәўҳар Абдуллаева  2024 – жылы Японияның JICA  агентлигинен грант жеңип алған еди.

Усы грант тийкарында быйылғы оқыў жылы басынан баслап япониялы волонтёр Юно Мизобучи 38-санлы мектепте қызығыўшы оқыўшыларға япон тили ҳәм мәденияты бойынша дөгерек шөлкемлестирип, бүгинги күни бул дөгерекке  70 тен аслам балалар қамтып алынды.

Жақында  JICA   координаторлары Адилжан Хасанов, Томоко Ашихари ҳәм волонтёрлар Сато Юкихиро, Онода Кацухиро, Сенбонки Эмико ҳәм Кондо Рино мектеп окыўшыларына жол ҳәрекети қәўипсизлиги бойынша ойын түринде шынығыўлар өтти.

Сондай–ақ,  күнниң екинши ярымында мектепте “Япония мәденияты күни” шөлкемлестирилип, онда япон халқының мәденияты ҳәм миллий салт-дәстурлери бойынша илаж шөлкемлестирилди.

Илажда Японияның миллий кендама, фукуварай, полочки, оригами, каллиграфия ҳәм чай бериў дәстурлери қатнасыўшыларға көрсетилди.

Өткерилген илаж даўамында қатнасыўшылар япон халқының мәденият ҳәм миллий салт-дәстүрлери бойынша волонтёрлардан буннан да кеңирек мағлыўматларға ийе болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы