Сенатта “Конституция айлығы” шеңберинде ашық есиклер күни өткерилди

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында “Конституция айлығы” мүнәсибети менен “Ашық есиклер күни” илажы шөлкемлестирилди. Бул илаж 8-декабрь – Конституция күни алдынан халықтың конституциялық мәдениятын арттырыў, ашық-айдынлық принциплерин және де беккемлеўге қаратылды.
Илажда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшылары, магистрантлары ҳәм студентлери қатнасып, Сенат жумысы, нызамшылық процесслери ҳәм конституциялық нормалардың әҳмийети ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болды. Сондай-ақ, Олий Мажлис нызамшылық палатасының Илим, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм жаслар мәселелери комитети депутатлары менен ушырасыў шөлкемлестилди.
Ушырасыў даўамында Нызам үстинлигин тәмийинлеў және инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине әмел етиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша ашықтан-ашық сөйлесиў ҳәм пикир алысыў болып өтти. Илаж қатнасыўшылары парламенттиң жоқары палатасының жумысы менен жақыннан танысып, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Илажда студент-жасларға нызам дөретиўшилиги жумысы ҳәм елимизде билимлендириў тараўында алып барылып атырған кең көлемли реформалар, конституциямыздың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, илаж даўамында студент жаслар Нызамшылық палатасының дыққатқа ылайық орынлары менен жақыннан таныстырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги