Доха форумы шеңберинде Орайлық ҳәм Қубла Азияның өз-ара байланыслылығы бойынша Термиз сөйлесиўине бағышланған сессия болып өтеди

52

2025-жыл 7-декабрьде ҳәр жылы өткерилетуғын Доха форумында Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылық бойынша Термиз сөйлесиўине бағышланған өз алдына сессия болып өтеди. Бул сессия “Регионаллық байланыслылық арқалы Аўғанстанды қайта тиклеў: Термиз сөйлесиўи” сүрени астында өткериледи.

Илаж Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты (СРИИ) тәрепинен Қатардағы Жоржтаун университети филиалының Халықаралық ҳәм регионаллық изертлеўлер орайы менен биргеликте шөлкемлестирилмекте.

2025-жыл май айында Термиз қаласында басланған Термиз сөйлесиўи Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң БМШ Бас Ассамблеясының 2022-жыл 11-июльдеги арнаўлы резолюциясы менен қоллап-қуўатланған Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылықты беккемлеў басламасын әмелий алға қойыў ушын турақлы платформа болып есапланады.

Бүгин терең геосиясий өзгерислер шараятында Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы тарийхый байланысларды қайта тиклеў зәрүрликке айланбақта. Өз-ара байланыслылық, бирге ислесиў, қарым-қатнас ҳәм исеним стратегиялық әҳмийетли макроаймақта қәўипсизлик, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўдиң әҳмийетли шәрти болып есапланады.

Аўғанстан бул процесслерде айрықша орын ийелейди. Географиялық жайласыўы себепли мәмлекет еки регион арасында тәбийий көпир ўазыйпасын атқарады. Прагматикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, экономикалық байланысларды кеңейтиў ҳәм Аўғанстанның регионлараралық процесслерде қатнасыўы Орайлық ҳәм Қубла Азияда узақ мүддетли турақлылық ҳәм тыныш раўажланыўды тәмийинлеўде шешиўши факторлар сыпатында қаралады.

Әйне усы мәселелер болажақ сессияның күн тәртибиниң орайында болады. Қатнасыўшылар Аўғанстанның трансрегионаллық байланысты тәмийинлеўдеги ролин, сондай-ақ, кеңирек регионаллық контекстте турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўды қоллап-қуўатлаў бойынша әмелий қәдемлерди додалайды.

Сессияны Қатардағы Жоржтаун университетиниң Халықаралық ҳәм регионаллық изертлеўлер орайының директоры Заҳра Бабар алып барады.

Додалаўда төмендегилер қатнасады:

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Аўғанстан бойынша Арнаўлы ўәкили Исматулла Иргашев;

– СРИИ директоры Элдор Арипов;

– Аўғанстан Сыртқы ислер министрлиги жанындағы Стратегиялық изертлеўлер орайының директоры Абдул Ҳай Қанит;

– Қатар сыртқы ислер министриниң арнаўлы ўәкили Файсал Абдуллоҳ Ал-Ҳанзаб;

– Қатардағы Жоржтаун университети тарийх профессоры Валид Зиад.

Еслетип өтемиз, Доха форумы 2002-жылдан берли Қатар ҳүкиметиниң жәрдеминде өткерилип келинбекте ҳәм әҳмийетли глобаллық машқалаларды додалаў ушын ҳүрметли платформа есапланады. 2025-жылы форум “Әдиллик әмелде: ўәделерден раўажланыўға қарай” темасында болып өтеди.

Онда АҚШ, Уллы Британия, Россия, Европа Аўқамы мәмлекетлери, Жақын Шығыс, Ҳиндстан, Пакистан, Қытай, Япония ҳәм Кореяның жетекши таллаў орайларының басшылары ҳәм қәнигелери, жәми 150 ге шамалас мәмлекеттен 8 мыңға шамалас қатнасыўшы қатнасыўы күтилмекте.

ӨзА