Өзбекстан Президенти Әзербайжан Республикасы делегациясын қабыллады

17

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы энергетика министри Парвиз Шахбозовты қабыллады.

Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан – Әзербайжан стратегиялық шериклиги ҳәм аўқамласлығын және де кеңейтиў ҳәм тереңлестириў мәселелери додаланды.

Барлық дәрежелердеги байланыслар жедел екени, товар алмасыў турақлы өсип атырғаны ҳәм энергетика тараўында табыслы бирге ислесип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Нефть ҳәм газ тараўы, геологиялық-излеў жумыслары, “жасыл” энергетиканы раўажландырыў ҳәм химия санаатында биргеликтеги жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

ӨзА