Өзбекстанда ири энергетика қуўатлықлары иске қосылды ҳәм гезектегилериниң қурылысы басланды

5

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-декабрь күни жаңа энергетика қуўатлықлары ҳәм инфраструктура объектлерин иске қосыў және гезектегилериниң қурылысын баслаўға бағышланған салтанатлы мәресимде қатнасты.

Илажда Бирлескен Араб Әмирликлериниӊ энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳайл ал-Мазруий, Түркия Республикасыныӊ энергетика ҳәм тәбийғый ресурслар министри Алпарслан Байрактар ҳәм Әзербайжан Республикасыныӊ энергетика министри Парвиз Шаҳбозов, Қырғыз Республикасыныӊ энергетика министри Таалайбек Ибрайев, сондай-ақ, Жәҳән банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки, Ислам раўажланыў банки ҳәм басқа да қаржы институтлары, “ACWA Power” (Саудия Арабстаны), “Aksa Enerji”, “Cengiz Enerji” (Түркия), “Masdar” (БАӘ), “China Energy”, “Datang”, “Sinoma”, “Poly”, “CNTIC”, “Eagle Rise” (Қытай), “EDF”, “Voltalia”, “TotalEnergies” (Франция), “Siemens Energy” (Германия) ва “Nebras Power” (Қатар) ўәкиллери де қатнасты.

Жаңа объектлер – дерлик 11 миллиард долларлық 42 энергия ислеп шығарыў, сақлаў қуўатлықлары ҳәм басқа да инфраструктура объектлери – мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған миллий энергетика тармағының потенциалын беккемлеўге қаратылған кең көлемли стратегияның бир бөлеги болып есапланады.

Қарақалпақстан, Бухара, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында улыўма баҳасы 3,3 миллиард долларға тең улыўма 3 мың 500 мегаваттлы 16 қуяш, самал, ыссылық ҳәм гидроэлектр станциялары солардың қатарына киреди.

Толық қуўатлылыққа шыққаннан соң, олар жылына 15 миллиард киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарады.

Нәтийжеде келеси жылы “жасыл” энергия ислеп шығарыў көлеми 23 миллиард киловатт-саатқа жетеди. Бул қуўатлықлар Өзбекстан халқының жыллық электр энергиясынан пайдаланыўын толық қаплаўға хызмет етеди.

Ең әҳмийетлиси, таза энергия есабынан тәбийғый газден пайдаланыў дерлик 7 миллиард куб метрге азаяды. Атмосфераға 11 миллион тонна зыянлы затлар шығыўының алды алынады.

Пайдаланыўға тапсырылып атырған жойбарлар арасында 1 мың 245 мегаваттлы 10 энергия сақлаў системасы да бар. Бул энергия ең көп пайдаланылатуғын тығыз ўақытларда қосымша 1,5 миллиард киловатт-саат электр энергиясын тармаққа узатыў имканиятын береди.

Қосымша түрде иске қосылып атырған 11 ири подстанция ҳәм 420 километр жоқары күшлениўли тармақлар системаның турақлы ислеўине хызмет етеди.

Жаңадан шөлкемлестирилген жылына 15 мың трансформатор ислеп шығаратуғын “Angren Energo” ҳәм 155 дана гидроагрегат таярлайтуғын “Uzhydopower” кәрханалары экономикамызға әҳмийетли үлес қосады.

Мәмлекетимиз басшысы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде бул тарийхый ўақыя Өзбекстанның турақлы раўажланыўы жолындағы және бир әмелий қәдем болатуғынына исеним билдирди.

– Бүгин жедел пәтлерде өсип атырған экономикамыз ҳәм халықтың талап ҳәм мүтәжлигинен келип шығып, энергетика системасында үлкен реформаларды әмелге асырмақтамыз. Биз бул бағдарда еки әҳмийетли мақсетке ерисиўди тийкарғы ўазыйпа етип белгиледик. Бириншиси – барлық тармақ ҳәм аймақлар ушын исенимли ҳәм үзликсиз энергия тәмийнатын жолға қойыў. Екиншиси болса, мине, усы режемизди заманагөй, экологиялық таза ҳәм қайта тикленетуғын альтернатив дереклер есабынан әмелге асырыў, – деди Президентимиз.

Кейинги жыллары энергетика системасына 35 миллиард доллар сырт ел инвестициясы тартылып, 9 мың мегаватт жаңа қуўатлықлар иске қосылғаны атап өтилди.

Нәтийжеде электр ислеп шығарыў көлеми 2017-жылдағы 60 миллиард киловатт-сааттан усы жылы 85 миллиард киловатт-саатқа жетти.

Итибарлы тәрепи, дерлик 5 мың мегаваттлы қуяш ҳәм самал, 400 мегаваттлы гидро электр станциялары иске қосылды. Жәми генерация қуўатлықларында “жасыл” энергияның үлеси усы жылы 30 процентке жеткериледи.

Буннан тысқары, жеке меншик сектор, халықтың үйлери ҳәм социаллық тараў объектлеринде 2 мың мегаваттлы киши қуяш панельлери орнатылды. Оларда усы жылдың өзинде қосымша түрде 2 миллиард киловатт-саатқа шамалас альтернатив энергия ислеп шығарылды. Сондай-ақ, пүткил мәмлекетимиз бойлап 69 мың километр электр тармақлары, 14 мың трансформатор ҳәм жоқары күшлениўли подстанциялар жаңаланды.

Тараўдағы бундай өзгерислер жергиликли кәрханалардың раўажланыўына да үлкен түртки бермекте. Бул кәрханалар тәрепинен жаңадан қурылып атырған электр станциялары ҳәм тармақларына жыл басынан берли 700 миллион долларлық қурылыс материаллары, металл конструкциялар, кабель өткизгишлер, электр қурылмалары жеткерип берилди, жойбарлаў-инжиниринг ҳәм қурылыс хызметлери көрсетилди.

Мысал ушын, Нарын каскад гидроэлектр станциясының 38 мегаваттлы биринши гидроэлектр станциясы толық жергиликли өнимлерден пайдаланған ҳалда иске қосылды.

Мәмлекетимиз энергетика тараўында ерисилип атырған үлкен жетискенлик ҳәм шеклерде инвесторлар ҳәм мәмлекетимиздиң халықаралық шериклериниң шексиз үлеси бар екенлигин атап өтти.

Өзбекстан жетекшиси келеси 5 жылда 150 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициялары есабынан мыңлаған санаат ҳәм инфраструктура объектлерин иске түсирип, жоқары дәраматлы жумыс орынлары жаратылатуғынын мәлим етти.

IТ, жасалма интеллект ҳәм “буйымлар интернети” сыяқлы жаңа бағдарлардағы компаниялар ушын тартымлы орталық жаратыў ушын заманагөй суперкомпьютер кластери ҳәм дата-орайлар санын көбейтиў нәзерде тутылған.

Буның ушын ҳәзирги ўақытта Саудия Арабстанының “DataVolt” компаниясы 3 миллиард долларлық инвестиция есабынан 500 мегаваттлы дата-орай қурыў бойынша жойбарды әмелге асырыўға кирискен.

Бундай кең көлемли жумыслар электр энергиясына болған талап ҳәм зәрүрликти кеминде 1,5 есеге арттырады. Сонлықтан, Президент жақын келешектеги режелерге тоқтап өтти.

Бириншиден, электр энергиясына артып баратырған талапты қаплаў ушын 2030-жылға шекем қосымша 17 мың мегаваттан аслам қайта тиклениўши энергия қуўатлықлары иске қосылады. Нәтийжеде “жасыл” энергияның жәми генерациядағы үлеси 54 процентке жеткериледи.

Жаңа қуўатлықларды бирден-бир энергия системасына байланыстырыў ушын 6 мың километр жоқары күшлениўли тармақлар тартылады. Атап айтқанда, келеси жылдың өзинде 1 мың километр тармақлар өткерилип, подстанцияларда 6 мың мегаватт қосымша қуўатлықлар жаратылады.

Екиншиден, сырт ел инвестицияларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында тартыўды кеңейтиў. Усы жылдан баслап жеке меншик шериклик принциплери тек ғана электр энергиясын ислеп шығарыў емес, ал оны тутыныўшыларға жеткерип бериўде де қолланылмақта.

Атап айтқанда, Түркияның “Aksa Elektrik” компаниясы менен Самарқанд аймақлық электр тармақларын жеке меншик басқарыўға бериў бойынша келисимге ерисилген.

Бул компания жойбар шеңберинде тармақты операциялық басқарыўға алып, инвестиция киргизеди, тармақларды модернизациялайды, шығынларды басқышпа-басқыш 2 есеге азайтады. Нәтийжеде ҳәр жылы орташа 20 миллион доллар үнемленеди.

Усындай тәжирийбе тийкарында келеси жылы Жиззақ ҳәм Сырдәрья, 2027-жылы Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятларының электр тармақлары басқармасы да инвесторларға усыныс етиледи.

Үшиншиден, халықтың қолайлы энергия дереклеринен пайдаланыўын жедел қоллап-қуўатлаў.

Жаңа жылда 300 мәҳәлле аймағында халық пенен кооперация арқалы 107 мегаваттлы қуяш станциялары орнатылады. Бул социаллық жойбар 30 мың кәмбағал шаңарақты “жасыл” энергия менен тәмийинлеў имканиятын береди. Олар өзлериниң зәрүрлигинен артықша электр энергиясын тармаққа узатып, дәрамат табады.

Мәмлекетимиз исбилерменлери быйыл 40 мегаваттлы киши ҳәм микро ГЭСлер қурды. Нәтийжеде 120 миллион киловатт-саат электр энергиясы ислеп шығарылды ҳәм олар қосымша дәрамат дерегине ийе болды.

Келеси жылы және 65 мегаваттлы киши ҳәм микро ГЭСлер қурылады. Бул жойбарлар есабынан 80 мың шаңарақта электр тәмийнаты пүткиллей жақсыланады.

Төртиншиден, жақында Бразилияда өткен COP-30 климат конференциясында мәмлекетимиз өз басламасы менен Париж келисими шеңберинде әҳмийетли миннетлемени өз мойнына алды: Өзбекстанда 2035-жылға шекем зыянлы газлер эмиссиясы 50 процентке қысқартылыўы мақсет етилди.

Бул бағдарда Жәҳән банки менен дүньяда биринши инновациялық “iCRAFT” жойбары иске қосылды. Оның шеңберинде Өзбекстан тәрепинен азайтылған 23 миллион тонна ыссыхана гази есапқа алынды. Халықаралық дәрежеде углерод бирликлери саўдасы жолға қойылды.

Усы жылдың өзинде 17 ири санаат кәрханамыз “жасыл” энергия бойынша халықаралық сертификатлар системасына өтти. Келеси еки жылда бундай кәрханалардың саны 100 ге жеткериледи.

Бесиншиден, қоңсы мәмлекетлер менен бирден-бир энергетика базарын жаратыў бойынша шерикликти беккемлеў.

Регионның гидроэнергетика потенциалынан нәтийжели пайдаланып, биргеликте басқарыў мақсетинде келеси жылы Қырғызстан ҳәм Қазақстан менен “Қамбарата ГЭС-1” жойбарын қаржыландырыўға кириседи.

Мәмлекетимиз басшысы Европаға электр энергиясын экспорт етиў бойынша “жасыл коридор” жойбары шеңберинде тығыз бирге ислесип атырған Әзербайжан ҳәм Қазақстан басшыларының исенимли ҳәрекетлерин айрықша атап өтти.

– Биз бүгин иске қосып атырған барлық жойбарлар экономикалық өсиўди тәмийинлеп, келешек әўладларымыз ушын жаңа имканиятлар есигин ашады. Бундай жедел ҳәрекетлеримиз ҳәм басламаларымыз бенен биз жаңаша модельдеги заманагөй энергетика системасын әлбетте толық қурамыз, – деп атап өтти Президентимиз.

Илаж жуўмағында Өзбекстан Президенти рәмзий түймени басып, 42 энергетика объектиниң иске қосылыўы ҳәм гезектеги 21 иниң қурылысының басланыўына старт берди.

ӨзА