Бүгин “ACWA Power” компаниясының баслығы ҳәм “Vision Invest” компаниясы директорлар кеңесиниң ағзасы Муҳаммад Абунаян менен оғада мазмунлы ушырасыў өткердик.

2

Экономиканы модернизациялаў ҳәм халықтың турмыс сапасын жақсылаўға салмақлы үлес қосатуғын энергетика, денсаўлықты сақлаў, санлы технологиялар ҳәм басқа да тармақларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Соңғы жылларда исенимли раўажланыў пәтлерин көрсетип атырған Қарақалпақстандағы перспективалы жойбарларға айрықша итибар қаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги