Конституция күнине арналған «Сиз нызамды билесиз бе?» атамасындағы таңлаў болып өтти

59

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында тарийх факультетиниң тарийх, миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарларының 1-курс студентлеринен ибарат 7 команда Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен «Сиз нызамды билесиз бе?» таңлаўында өз-ара беллести.

Илажға институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қувондиқ Қодиров қатнасып, жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамы менен қутлықлады ҳәм қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда студент-жаслардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў, жоқары мәнаўиятлы, ҳуқықый жақтан саўатлы, еркин пикирлейтуғын жасларды тәрбиялаў, адамзатқа жат болған иллетлерге қарсы гүресиў иммунитетин қәлиплестириў, бос ўақытларын мазмунлы өткериў, сондай-ақ, жаслардың жаңаланған Конституция бойынша билимлерин баҳалаў және хошаметлеў мақсетинде шөлкемлестирилген таңлаўда «Жас демократлар», «Жас прогресслер», «Адолат», «Юстиция», «Фемида», «Демократлар», «Туран» командалары сәлемнама, сораў-жуўап ҳәм сахналық көринис сыяқлы шәртлер бойынша өзлериниң конституциялық билимлерин, көнликпелерин сынақтан өткерди.

Командалардың ҳәр бир шәрт бойынша сахналық шығыўларын, сораўларға берген жуўапларын төрешилер қурамы ағзалары баҳалап барды.

Таңлаў жуўмағында жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери анықланды. Барлық қатнасыўшы командаларға институт ректораты, кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.

– Бүгин институтымызда бас нызамымыз қабыл етилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген ағартыўшылық ушырасыў жарқын ҳәм есте қаларлық болды. Устазларымыз ҳәм мийманлар Конституция ҳәм оның мазмун-мәниси ҳаққында оғада қызықлы ҳәм пайдалы пикирлерди билдирди. Бул болса бизге бас нызамымызда сәўлеленген ҳуқықларымызды және бир мәрте аңлаў имканиятын берди, – дейди Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарының 1-курс студенти, таңлаў жеңимпазы Гүлбахар Юсупбекова.

Институтта Конституция күнине арналған илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги