Өзбекстан Президенти БАӘ менен ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў процесин додалады

83

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-декабрь күни Бирлескен Араб Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктуралар министри Суҳайл ал-Мазруий басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ушырасыўда БАӘниң “Masdar” компаниясының басшысы Муҳаммад Жамил ал-Рамаҳий, “Etihad Water & Electricity” компаниясының басшысы Юсуф ал-Али ҳәм “TAQA Water Solutions”  компаниясының басшысы Аҳмад ал-Шамсий де қатнасты.

Ушырасыў алдынан министр мәмлекетимиз жетекшисине БАӘ Президенти Шайх Муҳаммад Ол Наҳаян, Бас министри, Дубай әмири Шайх Муҳаммад Ол Мактум, вице-президенти Шайх Мансур Ол Наҳаян ҳәм Абу-Даби Әмирлигиниң мийрасхоры Шайх Холид Ол Наҳаянның сәлемин жеткерди.

Өзбекстан – БАӘ дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери додаланды.

Бирге ислесиў барлық бағдарларда жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми, биргеликтеги кәрханалар ҳәм авиақатнаўлардың саны турақлы артып бармақта. Жойбарлар портфели 20 миллиард долларға жеткен.

Транспорт-логистика, азық-аўқат, кән-металлургия, энергетика ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлардағы жойбарларды таярлаў ҳәм алға қойыў илажлары көрип шығылды.

Кейинги жыллары энергетика тараўында тек ғана “Masdar” компаниясы менен Өзбекстан аймақларында 1,5 миллиард долларлық 6 жойбар әмелге асырылды.

Бүгин Бухара ўәлаятында гезектеги қуяш электр станциясы ҳәм энергияны сақлаў системасы иске қосылды, Қашқадәрья ўәлаятында 600 миллион доллардан аслам баҳадағы усындай объектлердиң қурылысы басланды.

БАӘ компанияларының басшылары Президентимизге самал электр станциясы ҳәм энергия сақлаў қуўатлықлары, гидроэлектр станцияларын қурыў режелери және тазалаў имаратларының қурылысының барысы ҳаққында мағлыўмат берди.

ӨзА