Мийрим-шәпәәт ҳәрекети: мүтәжлерге жәрдем ҳәм жақсылық үлгиси

Мийрим-шәпәәт ҳәм қайырқомлық ислери – инсанлардың бир-бирине болған исенимин ҳәм тилеклеслигин көрсетеди. Қарақалпақстан Республика Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен ҳәр жылы өткерилип атырған «Меҳир-мүриўбет ҳәрекети» шеңберинде республикамызда жасаўшы пуқараларға материаллық, руўхый, медициналық ҳәм ҳуқықый жәрдемлер көрсетилмекте.
Атап айтқанда, быйылғы жылы республикамыз бойынша социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм кәмбағаллық реестрине киргизилген 1544 шаңараққа жәрдемлер бериледи.
Кеше Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Әдиллик министрлигинен арнаўлы түрде ажыратылған тар шеңбердеги шыпакерлер, мобиль мәмлекетлик хызметлер ҳәм мәмлекетлик хызметкерлер Беруний районындағы Абай ҳәм Беруний аўыл пуқаралар жыйынларында, Төрткүл районында болып, аймақ халқына өзлериниң жәрдемлерин көрсетти.
– Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Элмурод Турсунов тәрепинен кеше усы районлардағы 7 шаңараққа материаллық жәрдем көрсетилди, – дейди министрликтиң ҳуқықый мәлимлеме секторы баслығы Нурия Бердиниязова. – Соның менен бирге, аймақ турғынларына мобиль мәмлекетлик хызметлер тәрепинен де хызметлер көрсетилип, олардың машқалалары шешип берилмекте.






Ҳәзирги күнлери «Меҳир-мүриўбет ҳәрекети» республикамыз бойлап даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы