“Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы әмелде

Ҳәр бир инсанның әрманы тыныш, абадан ҳәм бахытлы өмир сүриў. Бирақ турмыста сондай шараятлар болады, инсан материаллық жетиспеўшилик, имкансызлық ямаса белгили бир қыйын жағдайларға түсип қалыўы мүмкин. Кәмбағаллық – бул тек ғана ақшаның жоқлығы емес, ал имканиятлар шекленген жағдай. Бундай жағдайда инсанда ерк-ықрар, мәмлекетте болса ғамхорлық болса абаданлыққа қарай жол табыў мүмкин.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде кәмбағаллықты азайтыў, ҳәр бир инсан ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Нураный фонды тәрепинен орынларда социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларды материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлар даўам еттирилмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 25-ноябрьдеги “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыўға белсенди нураныйларды тартыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында Қанлыкөл районында кексе әўлад ўәкиллериниң билим ҳәм тәжирийбесинен пайдаланған ҳалда шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў системасын енгизиў мақсетинде 33 нураный 11 мәҳәлледен 165 шаңараққа бириктирилген болып, халықтың турмыс тәризин жақсылаў ушын бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта.
Соның ишинде, фондтың қәўендерлик қаржылары тийкарында үйрениўлер нәтийжесинде анықланған кем тәмийинленген, майыплығы бар, бағыўшысын жоғалтқан 91 шаңарақтың перзентлерине сапалы билим алыўы ушын зәрүр оқыў қураллары, стол-стуллар, спорт кийимлери саўға етилди.

Әлбетте, бундай жумыслар елимизде алға қойылып атырған “Инсан қәдири ушын” принципиниң әмелий көриниси болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги