Социаллық қорғаў ҳәм бәнтлик мәселелери додаланды

4

Қараөзек районлық «Инсан» социаллық хызметлер орайында  «Басым ҳәм зорлыққа қарсы 16 күн» акциясы шеңберинде илаж шөлкемлестирилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының бөлим прокуроры Л. Сейтова, район ҳәкиминиң орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Р. Сагыйдуллаева, психологлар ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларындағы ҳаял-қызлар белсендилери қатнасты.

Илаж даўамында, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын, еркинликлерин және нызамлы мәплерин исенимли қорғаў, ҳаял-қызлардың машқалаларын турақлы үйрениў, тийисли уйымлар менен бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў бойынша тараў ўәкиллери тәрепинен кең түрде түсиниклер берилип, қатнасыўшылар өз сораўларына жуўаплар алды.

Сондай-ақ, усы күни «Ғәрезсизлик гүзары» мәкан пуқаралар жыйынындағы «Кәмбағаллық реестр»ине ға киргизилген шаңарақлардың жағдайларынан хабар алынып, жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша усыныслар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги