Россияда “FaceTime” блокланды

Россияда “Apple” компаниясының “FaceTime” видеоқоңыраў хызметиниң жумысы шекленди, деп хабар бермекте “DW” басылымы.
“Роскомнадзор” қосымшаның блокланыўын алдаўшылар оннан жынайый мақсетлерде пайдаланып атырғаны менен түсиндирди.
“FaceTime” арқалы “iPhone”, “iPad” ҳәм “Mac” пайдаланыўшылары интернетке жалғанған ҳалда бийпул видеоқоңыраўларды әмелге асырыўы мүмкин. РФда сервис жумысындағы дәслепки ғалабалық үзилислер ҳаққындағы шағымлар октябрь айының орталарында пайда болған еди.
Қәнигелердиң пикиринше, шеклеўлердиң кеңейиўи пайдаланыўшыларды турақлы түрде басқа серверлер ямаса қосымшаларға өтиўге мәжбүр етпекте.
Д.Ҳакимов, ӨзА