Басшы хызметкерлердиң билимлери жетилистирилмекте

65

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң көрсетпелери тийкарында Медицина хызметкерлериниң кәсиплик маманлығын раўажландырыў орайының “Жәмийет саламатлығы ҳәм денсаўлықты сақлаўды басқарыў” кафедрасы Германия халықаралық техникалық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) миллий ўәкилханасы менен бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратпақта.

Соның ишинде, денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған структуралық дүзилис ҳәм қаржыландырыў трансформациясы принциплеринен келип шыққан ҳалда, Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) миллий ўәкилханасы менен биргеликте, тараўдың басшы хызметкерлери ушын алдынғы халықаралық тәжирийбени есапқа алатуғын еки түрдеги интеграциялық қәнигелик арттырыў курсларының бағдарламалары 2025-жылы ислеп шығылды. Быйыл режелестирилген төрт оқыў курсларының бир бөлими Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) миллий ўәкилханасының қаржылай жәрдеминде өткерилмекте.

Соның ишинде, 180 кредитлик “Денсаўлықты сақлаўды басқарыў ҳәм жәмийетлик денсаўлықты сақлаў системасын қаржыландырыў трансформациясы тийкарлары” интеграциялық улыўма маманлық арттырыў оқыў курсы гибрид, яғный, күндизги + аралықтан + көшпели тәртипте өткерилиўи режелестирилген. Бағдарламаның пилот басқышында биринши оқыў курсы усы жылдың ноябрь айында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 30 басшы хызметкер, емлеў-профилактикалық мәкемелериниң басшылары, бас есапшылары ушын өткерилмекте.

Оқыў курсының биринши ҳәптеси даўамында сабақлар Медицина хызметкерлериниң кәсиплик маманлығын раўажландырыў орайының “Жәмийет саламатлығы ҳәм денсаўлықты сақлаўды басқарыў” кафедрасы негизинде өткерилген болса, екинши-үшинши оқыў ҳәптелериниң сабақлары аралықтан турып өткерилди. Төртинши оқыў ҳәптесиниң сабақлары болса, көшпели тәртипте Нөкис қаласында өткерилмекте.

Миллий денсаўлықты сақлаў системасы, оның қурамы ҳәм қаржыландырылыўын трансформациялаўға тийисли модульлери бойынша сабақларды Медицина хызметкерлериниң кәсиплик қәнигелигин раўажландырыў орайының “Жәмийетлик саламатлық ҳәм денсаўлықты сақлаўды басқарыў” кафедрасының профессор ҳәм оқытыўшылары (профессорлар Д.Асадов, Х.Рустамова, Н.Нармухамедова, доцентлер Х.Асадов, В.Ҳакимов, А.Ҳамраев, Т.Арипов, оқытыўшылар С.Абдурахимова, Ш.Аббасханова) өткен болса, халықаралық тәжирийбеге тийисли модульлер сабақларын Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) миллий ўәкилханасы тәрепинен тартылған халықаралық (Олав Гойц, Анна Кристин Хансер) ҳәм миллий экспертлер (С.Салиев, Р.Азимов) алып бармақта.

Оқыў курсы даўамында тыңлаўшылар тәрепинен өзлестирилип атырған мағлыўматлар ҳәм әмелий көнликпелер басқарып атырған мәкемелериниң жумысын система трансформациясы принциплерине сәйкес түрде шөлкемлестириўге әмелий жәрдем береди.

Пилот аймақ болған Қарақалпақстан Республикасы ушын өткерилип атырған оқыў бағдарламасының нәтийжелерине бағышланған таллаўда улыўма реже кестеге муўапық республиканың басқа аймақлары ушын 2026-жылы өткерилетуғын оқыў бағдарламалары сабақларының бир бөлегин Қарақалпақстан Республикасында өткериўди шөлкемлестириў мәселеси де талқыланды.

Соның менен бирге, Медицина хызметкерлериниң кәсиплик маманлығын раўажландырыў орайының “Жәмийет саламатлығы ҳәм денсаўлықты сақлаўды басқарыў” кафедрасының хызметкерлери В.Ҳакимов, А.Ҳамраев, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов ҳәм Қарақалпақстан медицина институтының ректоры О.Халимов арасында 2025-жыл 27-ноябрь күни өткерилген сөйлесиўлерде система ушын басқарыў хызметкерлерин таярлаўдың жаңа механизмлерин енгизиў мәселелери талықланып, бирге ислесиў бағдарлары белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги