Конференция қатнасыўшылары хожелиши исбилермен ҳаял-қызлардың жумыслары менен танысты

Соңғы жылларда елимизде ҳаял-қызлардың өнер ийелеп, белгили бир кәсип ийеси болыўы ушын олардың билимлерин жетилистирип, жәмийеттен өз орнын табыўы ушын кең имканиятлар жаратылмақта. Нәтийжеде ҳаял-қызлар арасында өз исбилерменлигин жолға қойған белгили бизнес ўәкиллери жетилисип шығып олар Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы менен елимизде исбилерменлер ушын жаратылған имканиятлардан орынлы пайдаланып, жақсы нәтийжелерге ериспекте.
Пайтахтымызда болып өткен “Ҳаял-қызлар ушын шексиз имканиятлар: Қарақалпақстан тәжирийбеси” атамасындағы республикалық конференция шаңберинде де республикамыздағы исбилермен ҳаял-қызлар ушын жаратылған имканиятлар әмелде өз көринисин таўып, онда исбилермен ҳаял-қызлар өз өнимлери ҳәм мийнетлерининиң жемислери менен қатнасты.
Илажға 300 ден аслам белсенди ҳаял-қызлар ҳәм Ташкент қаласынан жуўапкерлер қатнасты.
Үш күн даўам еткен илаж шеңберинде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы З.Маҳкамова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары М.Ахмедовалар ҳәм конференция қатнасыўшылары Хожели районында болды. Илаж қатнасыўшылары райондағы “Мәденият” мәҳәллесиндеги “Cake Bumer” ЖШЖ тийкаршысы М. Мамутованың ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тәжирийбеси ҳәм “Cake Bumer” бренди астында ислеп шығарылып атырған 100 ге жақын өним түрлериниң таярланыў процеси менен танысты.
Буннан соң “Саманкөл” мәҳәллесиндеги “Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәсканы”нында болып, ҳаял-қызларға қаратылып атырған имканиятлар тийкарында бул жерде алып барылып атырған жумыслар менен танысты. Мәскан жәмийетте шаңарақлық қәдириятларды сақлаў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў ҳәм жасларды еркин турмысқа пуқта таярлаў сыяқлы ийгиликли мақсетлерге хызмет етеди. Соның менен бирге мийманлар орайда ҳаял-қызларға аналықты ҳәм балалықты қорғаў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақлық ажырасыўлардың алдын алыў сыяқлы баслы ўазыйпалардың әмелге асырылып атырғанлығының гүўасы болып, бул басламаларды жоқары баҳалады.

Буннан соң илаж қатнасыўшылары “Lider Group” кәрханасы хызмети менен танысып, “Жасыл мәкан” акциясына қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги