2026-жылы инфляция дәрежеси 7,5 процентке төменлеўи күтилмекте

6

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде “2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылмақта. Нызам жойбары бойынша Бас министрдиң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Ж.Қўчқоров баянат етпекте.   

Атап өтилгениндей, нызам жойбарында Өзбекстан экономикасында жалпы ишки өнимниң реал өсиў пәти 2026-жылы 6,6 процентке артып, халықтың жан басына 4 мың 26 долларды қурайтуғыны нәзерде тутылмақта. Өсиў пәтлери болса санаатта 6,4 процент, аўыл хожалығында 4,2 процент, базар хызметлеринде 14,5 процент, қурылыста 10,2 процент болыўы прогноз етилген.

Инфляция дәрежеси көрсеткиши кемейиўи күтилмекте. Атап айтқанда, 2024-жылдағы 9,8 проценттен 7,5 процентке төменлеўи күтилмекте.

Соның менен бирге, 2026-жылы консолидацияласқан бюджет дәраматларының прогнозы 515,4 триллион сум, қәрежетлериниң прогнозы 567 триллион сум муғдарында, консолидацияласқан бюджет дефицити жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3,0 процент, сыртқы қарыздың шекленген көлеми усы жылға салыстырғанда азайып, 5 миллиард АҚШ доллары муғдарында белгилеў нәзерде тутылған. Усы жылы мәмлекетлик сыртқы қарыздың шекленген муғдары 5,5 миллиард етип белгиленген еди.

Хызметлер тараўында жоқары билим ҳәм технологияларды раўажландырыў, атап айтқанда, жасалма интеллект тийкарында программалық жойбарлар ҳәм көрсетилген хызметлер көлемин 10 миллион доллардан 200 миллион долларға шекем көтериў илажлары көриледи.

Туризм потенциалы жоқары болған 150 мәҳәлледе инфраструктураны жақсылаўға 5 мың жойбарды иске қосыў режелестирилген.

Электр энергиясын ислеп шығарыўда қосымша қуўатлықлар жаратылады. 250 мәҳәлледе 350 санаат жойбары, 50 мәҳәлледе микро санаат орайлары шөлкемлестириледи.

ӨзА