Жақында Қазақстан менен Сырдәрья районындағы Орайлық Азия халықаралық санаат кооперациясы орайына старт берилди

10

Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында Халық депутатлары Сырдәря ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтпекте.

Сырдәрья районында келеси жылы қытайлы шериклер менен автомобиль ислеп шығарыў бойынша 122 миллион долларлық жойбар иске қосылады.

Жақында Қазақстан менен Сырдәрья районындағы Орайлық Азия халықаралық санаат кооперациясы орайына старт берилди.

Бул орай аймағында 300 миллион долларлық 14 санаат кәрханасы келеси жылдың 1-шерегиниӊ жуўмағында жумыс баслайды, 2026-жылы және 720 миллион долларлық 40 жаңа жойбарлар жайластырылады.

Өткен жылы қыйтақ жерди иске қосыў, киши санаат ҳәм сервис арқалы адамлардың дәраматын арттырыў бойынша жаңаша жумыс системасы Сайхунабадтан басланған еди.

Райондағы 13 мың шаңарақта қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў есабынан айлық дәрамат бир неше есеге көбейди. Мәҳәллелердеги 1,8 мың шаңарақта 5-6 сотыхлы, және 622 синде 2-3 сотыхлы ыссыханалар қурылды. Бир ярым жылда 700 жаңа исбилермен жумыс баслады, 15 мың жумыссыз турақлы дәраматқа ийе болды, 1,5 мың шаңарақ кәмбағаллықтан шықты.

– Ислесе болады екен! Мине, ең “аўыр” районлардан бири болған Сайхунабадта бүгин турмыс, адамлардың кейпияты қандай өзгергенине гүўа болып атырсыз, – деди Президентимиз.

ӨзА