Тийкарғы нызамныӊ инсан ҳуқықлары менен мәплерин нәтийжели тәмийинлеўге қаратылғаны менен жетикликке ийе болды

8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни.
Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 21-ноябрьдеги “Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы бийлиги тийкарында “Конституция – инсан қәдири, еркинлик, теңлик ҳәм әдиллик гиреўи!” идеясы тийкарында елимизде Бас нызамымыздың 33 жыллығы белгиленбекте.
Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университети доценти Ширин Ҳамдамова Бас нызамымызда сәўлеленген инсан ҳуқықларының қорғалыўы ҳаққында айтып берди:
– Жаңаланған Конституцияда Өзбекстан – ҳуқықый мәмлекет, деп белгиленди. Инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң жоқары мақсети, деп жәрияланып, онда инсан ҳуқықларына байланыслы нормалар 3 еседен зыятқа көбейтилди. Улыўма, Тийкарғы нызам инсан қәдирин улығлаў, оның ҳуқықлары менен мәплерин толық тәмийинлеўге қаратылғаны менен және де жетикликке ийе болды.
Бас нызамымыздың 54-статьясына бола, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң жоқары мақсети болып есапланады. Мәмлекет инсан ҳәм пуқараның Конституция ҳәм нызамларда беккемленген ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлейди.
55-статьяға тийкарланып ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы. Ҳәр кимге өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы қарарлары, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен судқа шағым етиў ҳуқықы кепилленеди.
Конституцияның 15-статьясына муўапық, мәмлекетимизде Конституция ҳәм нызамлардың үстинлиги сөзсиз тән алынады. Тийкарғы нызам мәмлекеттиң пүткил аймағында жоқары юридикалық күшке ийе, тиккелей әмел етеди ҳәм бирден-бир ҳуқықый мәканның тийкарын қурайды.
Өзбекстанда қабыл етилетуғын ҳәр қандай нормативлик ҳуқықый ҳүжжет, нызам, пәрман, қарар ямаса басқа да уйымлық ҳүжжетлердиң барлығы Конституцияға тийкарланады.
Бул болса, ҳуқықый мәмлекеттиң тийкарғы талабы.
Инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликли қорғалыўын тәмийинлеў мақсетинде улыўма тән алынған “Хабеас корпус” ҳәм “Миранда қағыйдасы” институтлары конституциялық дәрежеде беккемленди.
Инсан ҳуқықларының суд қорғаўы кепилликлерин тәмийинлеў мақсетинде телефон сөйлесиўлерин тыңлаў ҳәм тинтиў өткериўге санкция бериў ўәкиллиги прокуратурадан судқа өткерилди.
Тийкарғы нызамда айыпқа байланыслы барлық гүманлар, егер оларды сапластырыў имканиятлары таўсылған болса, гүман етилиўши, айыпланыўшы, судланыўшы яки судланыўшының пайдасына шешилиўи белгиленди.
Бул “Айыпсызлық презумпциясы” принципиниң әмелде жүзеге шығарылыўының кепили болды. Ҳәр ким өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гүўалық бериўге мәжбүр емеслиги Конституцияда анық белгилеп қойылды.
Шахстың судланғанлығы ҳәм оннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанларының ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар болыўы мүмкин емеслиги сыяқлы әҳмийетли нормалар да конституциядан орын алды.
Инсан ҳуқықларын суд арқалы қорғаў системасы избе-из жетилистирилип, тергеў судьялары институты енгизилди. Пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери және нызамлы мәплерин тәмийинлеў ушын суд қарарларын қайта көриўдиң жаңа тәртиби, яғный тексериў инстанциясы енгизилди.
Булардың барлығы әмелде инсан ҳуқықларын қорғаўға хызмет етпекте.
Н.Абдураимова,
ӨзА