Президентимиздиң Сырдәрьяға сапары басланды

32

Президент Шавкат Мирзиёев 4-декабрь күни Сырдәрья ўәлаятына барды. Сапардың биринши мәнзили Сырдәрья районындағы “River Med Pharm” кәрханасы болды.

Бул кәрхана мәмлекетимизде инфузион дәри қуралларын ислеп шығарыў бойынша жетекшилерден бири болып есапланады. Бүгинги күнде Өзбекстанда ислеп шығарылып атырған инфузион еритпелердиң 20 проценти мине усы кәрханаға туўра келеди.

Бундай дәри қураллары наўқас өмири ушын ең әҳмийетли медициналық өнимлердиң бири болып есапланады. Оларды таярлаў әпиўайы таблеткалар ислеп шығарыўдан әдеўир қурамалы. Себеби бул түрдеги еритпелер тиккелей қан тамырларына жибериледи. Демек, олар пүткиллей стерил шараятта, жоқары анықлық ҳәм халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын ҳалда ислеп шығарылыўы шәрт.

Жойбардың улыўма баҳасы 30 миллион доллардан аслам болып, ҳәзирги күнде кәрханада 750 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Кәрхана жылына 135 миллиард сумлық 70 түрдеги, улыўма есапта 114 миллион дана дәри қуралларын ислеп шығармақта. Өнимлердиң 20 проценти экспорт етилип атырғаны кәрхананың халықаралық бәсекиге шыдамлылығын көрсетеди.

Ноябрь айында жойбардың екинши басқышы иске қосылып, өндирислик қуўатлықлар және де кеңейтилди. Кәрхана 30 миллион дана инфузион еритпелер, 70 миллионнан аслам қурғақ антибиотиклер ҳәм дерлик 20 миллион көз-мурын тамшыларын ислеп шығарады.

Мәмлекетимиз басшысына кәрхананың өнимлери ҳәм гезектеги режелери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Келешекте кәрханада ислеп шығарылатуғын өним түрлери 200 ге жеткериледи. Бул басқышта шийше ҳәм пластик ыдыслардағы инъекция ушын еритпелер, сондай-ақ, таблетка ҳәм капсулалар ислеп шығарыў жолға қойылады. Жумыс орынларының саны мыңға шекем арттырылады.

Президентимиз бул жерде ўәлаяттың белсендилери ҳәм нураныйлар менен сөйлести.

Экономика, санаат, аўыл хожалығы, жаслар тәрбиясы ҳәм аймақтың келешегине байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша ашық сәўбет болды. Мәмлекетимиз басшысы адамлардағы интакерлик реформалардың нәтийжесин арттырыўда шешиўши фактор екенин атап өтти.

– Өзгерислер, бәринен бурын, мәҳәллелерде сезилиўи керек. Сизлер адамлар менен турақлы байланыста болып, жасларға дурыс жол көрсетиўиңиз зәрүр. Ҳәммемиз ояў ҳәм белсенди болсақ, ҳәрекетлеримиз, алып барып атырған реформаларымыз әлбетте нәтийже береди. Сырдәрьяға үлкен режелер менен келгенбиз. Сизлерди тыңлап, мәсләҳәтлесип бул режелерди әмелге асырамыз, – деди Президент.

ӨзА