Өзбекстан Президенти Россия делегациясын қабыл етти

12

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығының биринши орынбасары Денис Мантуров басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ушырасыўда Россияның Нижний Новгород ҳәм Омск ўәлаятлары, Башқуртстан ҳәм Красноярск үлкесиниң басшылары да қатнасты.

Сөйлесиў алдында жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Россия Президенти Владимир Путинниң қызғын сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың нәтийжелери бойынша ерисилген келисимлердиң қабыл етилген “жол картасы” тийкарында әмелге асырылыўы додаланды.

Саўда көлеми турақлы өсип атырғаны, санаат, энергетика, транспорт, металлургия, химия ҳәм басқа да тараўларда биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Товар алмасыў пәтин сақлап қалыў, экономиканың тийкарғы тармақларында, соның ишинде, санаат зоналары шеңбериндеги кооперация жойбарларын жеделлестириў, аймақлар ҳәм бизнес дәрежесинде жедел бирге ислесиў байланысларын даўам еттириў бойынша муўапықластырылған илажлар көриў әҳмийетли екени атап өтилди.

Усы мәниде, Ташкентте болып өткен Ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилиси ҳәм исбилерменлик илажларының нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Сондай-ақ, ушырасыў шеңберинде Россияның жетекши компанияларының басшылары Президентимизге мәлимлеме технологиялары, энергетика, электротехника, машина қурылысы, химия, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санаатында жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық режелерди таныстырды.

ӨзА