Жоқарғы Кеңес Баслығы ең шетки аймақлардан бири болған «Шуқырқақ» аўылының турғынлары менен ушырасты

Усы жылдың 3-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласынан дерлик 230 километр қашықлықта жайласқан Елликқала районындағы «Шуқырқақ» аўылына барды ҳәм елатта пуқаралар менен ушырасып, жақыннан сәўбетлести.
Онда дәслеп, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында халқымыздың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли ийгиликли жумысларға айрықша тоқтап өтилди.
Буннан соң, аймақ турғынларының машқалалары тыңланды. Тийкарынан, аўыл халқына медициналық хызмет көрсетиўди жақсылаў, кем тәмийинленген шаңарақлардың турақ жайларын шиферлап бериў, район орайына барыўшы транспорт қатнаўын тиклеў, суўды фильтрден өткериўши ЭКОС жумысын жақсылаў сыяқлы мәселелер көтерилди.
Барлық билдирилген мүрәжатларға унамлы шешим табыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Буннан соң, «Жасыл мәкан» акциясы менен даўам етип атырған гүзги терек егиў жумыслары шеңберинде жақсы нийетлер менен мектеп алдына терек нәллери егилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы аўыллық шыпакерлик пункти, сондай-ақ, балалар бақшасы жумыслары менен де жақыннан танысты.

Аўыл халқын ишимлик суўы менен тәмийинлеўши суўды фильтрден өткериўши ЭКОС жағдайы да көзден өткерилип, жүзеге келген машқаланы шешип бериў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги