Мийрим –шәпәәт ҳәм қайырқомлық илажы

48

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен социаллық бирге ислесиў ҳәм жақсылықты үгит-нәсиятлаўшы “Меҳирге толсын кеўиллер” атамасындағы қайырқомлық концерт бағдарламасы  шөлкемлестирилди. Илаж Нөкис қалалық мәденият бөлимине қараслы 6-санлы “Дослық” мәденият орайы дөгерек қатнасыўшылары менен биргеликте өткерилип, онда университеттиң студент-жаслары да қатнасты.

Онда  университеттиң жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов шығып сөйлеп, өткерилип атырған бул илаж жәмийетте мийрим-шәпәәт, кеңпейиллик ҳәм адамгершилик пазыйлетлерин және де жоқарылатыўға хызмет ететуғынын атап өтти. Сондай-ақ  өз сөзинде мәмлекетимиз тәрепинен майыплығы болған шахсларға жаратылып атырған имканиятлар, оларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған социаллық бағдарламаларға тоқтап өтип, университет жәмәәти де бул бағдарда турақлы түрде ийгиликли жумысларды әмелге асырып атырғанын мысаллар менен көрсетип өтти.

Буннан соң, илаж қатнасыўшыларына “Дослық” мәденият орайы дөгерек қатнасыўшылары тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилип,  онда атқарылған қосық намалар, аяқ ойынлар, сахналық көринислер ҳәм көркем шығыўлар жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды.

                                                                       Қарақалпақстан хабар агентлиги