Пуқараларымыз акция шеңберинде саўаплы исте белсене қатнаспақта

50

 Нөкис қаласындағы Республика қан қуйыў станциясында 3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясының “Бар меҳримиз сизге балажан!” сүрени астындағы бийғәрез донорлық акциясы өткерилди.

Донорлық тәртиби бойынша акцияға саўаплы иске қатнасыўды қәлеўши 18 жастан 60 жасқа шекемги пуқаралар, “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Н.Қайпбергенов ҳәм партия хызметкерлери, депутатлар қатнасты.

Атап өтилгениндей, бул акцияны шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – медициналық ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың денсаўлығын сақлаў, елимизде бийғәрез жәрдем көрсетиў орталығын күшейтиў арқалы ықтыярлы түрде  саўаплы иске қатнасыўды қәлеўши заманласларымызды бийғәрез қан тапсырыўға шақырыў, үгит-нәсият жумыслары арқалы наўқаслығы бар балалардың өмирин сақлап қалыў, халқымыз арасында инсаныйлық ҳәм мийрим-шәпәәт идеяларын кең түрде ен жайдырыў болып есапланады.

– Мен Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалында оқып атырман. 3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен өткерилип атырған бул акцияда бирге оқып атырған студент досларым менен бирге келдим. Ықтыярлы түрде қан тапсырып атырмыз. Ҳәр қыйлы жағдайлар менен мүтәж болып турған инсанларға бизлердиң де жәрдемимиз тийген болса, буннан оғада қуўанышлымыз,-дейди Ч.Ахмедова.

Акция шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги