Судьялардың бийғәрезлиги оның нызамға бойсыныўы

Бүгинги күнде мәмлекетимизде суд ҳәқимияты ҳәм судьялардың бийғәрезлиги мәмлекет тәрепинен кепилленген болып, бул мәмлекетимиз Конституциясы, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының «Судлар ҳаққында»ғы ҳәм «Судьялар жоқары кеңеси ҳаққында»ғы нызамлары менен тәртипке салынған.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы «Судлар ҳаққында»ғы Нызамының 9-бабында судьялар бийғәрезлигин әмелге асырыў кепилликлери көрсетилген болып, оған муўапық судьялардың бийғәрезлигин тәмийинлеў, судьяның қол қатылмаслығы, судьяға ҳүрметсизлик еткени ушын жуўапкершилик, судьялардың әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарындағы хызметине араласыўға жол қойылмаўы менен белгиленген.
Сондай-ақ, усы нызамға муўапық, судьяларды нызамда белгиленген тәртипте лаўазымына сайлаў, тайынлаў, судьялық ўәкилликлерин тоқтатып турыў ҳәм жуўмақлаў тийкарғы принциплерден бири есапланады.
Усы нызам талапларынан келип шығып, Судьялардың әдеп-икрамлылық кодексине бул қағыйданың дәслепки принцип ретинде киргизилиўи де тосыннан емес. Себеби, судьяның бийғәрезлиги тәмийинленбеген шараятта әдил судлаўды әмелге асырыўға, қалаберди, әдалатлылық, қалыслық, ҳадаллық ҳәм пәклик сыяқлы ийгиликли пазыйлетлерди жүзеге шығарыўға турақлы тосықлар пайда бола береди.
Солай екен, Судьялардың әдеп-икрамлылық кодексиниң 5-статьясына бола, судьяның бийғәрезлиги мәмлекет тәрепинен оның тек нызамға бойсыныўы, лаўазымға тайынланыў (сайланыў) тәртиби, оның әдил судлаўды әмелге асырыўға байланыслы хызметине қандайда бир тәризде араласыўға жол қойылмаўы ҳәм бундай араласыў ушын жуўапкершиликке тартыў арқалы кепилленеди.
Судья искерлигиниң ғалаба додаланыўы, оның атына билдирилип атырған сын пикирлер, ол шығаратуғын қарардың нызамлылығы ҳәм тийкарланғанлығына тәсир етпеўи керек.
Ҳақыйқатында да, судтың жумысы нызам үстинлигин, социаллық әдилликти, пуқаралар тынышлығы ҳәм татыўлығын тәмийинлеўге қаратылған екен, бул бағдарда судьялар жуўапкершилигине жүкленген оғада әҳмийетли ўазыйпа — әдил судлаўды толық әмелге асырыў оғада әҳмийетли есапланады.
Усы орында «судтың бийғәрезлиги» ҳәм «судьяның бийғәрезлиги» сыяқлы түсиниклерди бир-биринен ажыратыўымыз керек. Биз билемиз, судтың бийғәрезлиги дегенде Өзбекстанда әдил судлаўдың тек суд уйымлары тәрепинен, басқа ҳәқимиятлардан, сиясий партиялардан ҳәм жәмәәт бирлеспелеринен бийғәрез ҳалда әмелге асырылыўы түсиниледи. Судьяның бийғәрезлиги дегенде болса, оның тек нызамға бойсынған ҳалда ҳеш қандай араласыў ҳәм басымларсыз, кимлердиңдур талаплары ямаса пикирлеринен ғәрезсиз ҳалда судлаў жумысын әмелге асырыўы түсиниледи.
Усы өзгешеликлерден келип шығып, «бийғәрезлик» түсиниги суд системасында еки түрли мазмунға ийе. Бири институционаллық бийғәрезлик, екиншиси, индивидуаллық бийғәрезлик.
Булардың ҳәр екеўи де соны көрсетеди, суд ҳәкимияты, судьялар, олардың қурам бөлеги басқа қандайда бир ғалаба ҳәкимиятқа бойсынбаўы керек.
Судлардың ҳақыйқый бийғәрезлигин тәмийинлеў ҳәм халқымыз күтип атырған әдалатлы қарарлар қабыл етиўге ҳәр тәреплеме ылайықлы, беккем жигерли, жоқары руўхый ҳәм кәсиплик пазыйлетлерине ийе болған суд корпусын қәлиплестириў судьялар бирлеспесиниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып қалады.
Гүлмира Арзиева,
Нөкис районлар аралық
экономикалық судының судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги