Ҳуқықый саўатлылық ҳәм тил мәденияти таңлаўы өткерилди

44

«1-декабрь — Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенниң 36 жыллығы, 8-декабрь — Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министрлигинде тараўда жумыс ислеп атырған хызметкерлер арасында руўхый-ағартыўшылық “Quiz test” таңлаўы шөлкемлестирилди.

Илаж даўамында қатнасыўшыларға қарақалпақ тилиниң республикамыз турмысында тутқан орны, бүгинги күндеги әҳмийети, оның жәмийетлик раўажланыўдағы хызмети ҳаққында мазмунлы мағлыўматлар берилди. Хызметкерлер мәмлекетлик тилдиң қолланылыў шеңбери, рәсмий ҳүжжетлерде дурыс пайдаланыўы ҳәм тил мәденияты бойынша берилген сораўларға жуўаплар берди.

Сондай-ақ, “Quiz test” тиң екинши басқышында болса, Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 33 жыллығына бағышланды. Онда қатнасыўшылар Бас Нызамымыздағы пуқаралардың ҳуқықлары, мәмлекетлик қурылыс, нызам үстинлиги сыяқлы темаларда өз билимлерин сынақтан өткерип, белгиленген ўақыт аралығында барлық қатнасыўшылар берилген сораўларға жуўап берип, өзиниң ҳуқықый саўатлылық дәрежесин көрсетти.

Илаж соңында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы