Ишки туризмди раӯажландырыў бойынша тәжирийбе алмасты

23

 Мәмлекетимизде ишки туризмди және де раўажландырыў, сондай-ақ, туризм бағдарында жумыс алып барып атырған исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, қәнигелердиң туризм тараўындағы тәжирийбелерин арттырыў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Усы мақсетте Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бир қатар қәнигелери ушын басқарманың кәсиплик аўқамы тәрепинен Самарқанд ўалаятына саяхат шөлкемлестирилди.

Саяхат даўамында олар ӯәлаяттың туризм инфраструктурасы, ишки туризм хызметлери ҳәм имканиятлары, туризм тараӯында жумыс алып барыўшы исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуӯатлаў бойынша тәжирийбе алмасып, Қарақалпақстанда да усы тараӯды раӯажландырыӯ бойынша бир қатар мағлыўматларға ийе болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги